Пайтахтымыздағы 32-санлы «Қосбулақ» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Meniń quyashím» мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси пайдаланыўға тапсырылды.

Бақша 80 балаға мөлшерленген болып, ҳәзирги ўақытта 35 бала қабыл етилген.

Бул жерде тәрбияланыўшылар ушын барлық шараят жаратылған,-дейди «Meniń quyashím» мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң баслығы Тамара Есбергенова.- Жәми 7 педагог мийнет етип атырған жәмәәтимизде балалар күнине бес мәрте аўқатландырылады. Олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ушын инглиз тили, гимнастика, таэквон-до, аяқ ойын дөгереклери шөлкемлестирилген.

Еслетип өтемиз, Президентимиздиң басламасы менен 2018-жыл Қарақалпақстан Республикасында «Мектепке шекемги билимлендириў жылы» деп белгиленген еди. Быйылғы жылы республикамызда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 179, соның ишинде, пайтахтымыз Нөкис қаласында 30 балалар бақшасын жаңадан шөлкемлестириў бойынша мәнзилли бағдарлама тастыйықланды. Соннан 102 си жаңадан қурылатуғын имаратта, 51 и бар имаратта ҳәм 26 сы үй бақшасы сыпатында шөлкемлестириледи.

Нөкис қалалық мектепке шекемги билимлендириў бөлими жанында балалар бақшаларына коммуналлық хызмет көрсететуғын арнаўлы оңлаў эксплуатациялық хызмети шөкемлестирилди. Сондай-ақ, 9 көп тармақлы фермер хожалығы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлейди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы