Нөкис спорт колледжинде қалалық Бәнтликке көмеклесиў орайы тәрепинен «Мийнет ярмаркасы» өткерилди.

Оған пайтахтымыздағы 84 кәрхана ҳәм мәкеме 539 бос жумыс орны менен қатнасты. Олардың 187 си жоқары, 352 си жоқары мағлыўматлылар ушын арналған.

– Усы жыл 15-февраль күни бос жумыс орынлары ҳәм вакант лаўазымлары мийнет ярмаркасында 94 кәрхана ҳәм мәкеме 469 бос жумыс орынлары менен қатнасып, 67 пуқара жумыс пенен тәмийинленген еди. Сондай-ақ, 187 пуқара жәмийетлик, 183 пуқара абаданластырыў, 3 пуқара қурылыс, 1 пуқара майыплығы болған адамларға қараў бойынша жумысларға тартылды.

Бүгинги илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 24-майдағы «Бәнтлик тараўында мәмлекетлик сиясатты буннан былай да жетилистириў ҳәм мийнет уйымлары жумысларының нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПФ-5052-санлы пәрманы ҳәм 7-декабрьдеги Р-5135-cанлы қарары тийкарында Қураллы Күшлер резервинен босатылған пуқараларды, оладың шаңарақ ағзаларын жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде өткерилди.

Бул илажға әскерий хызметтен босап келген жәми 106 пуқара ҳәм бир қатар жаслар қатнаспақта,-дейди Нөкис қалалық Бәнтликке көмеклесиў орайының директоры С.Уразалиев.

Сондай-ақ, илажда Сыртқы мийнет миграциясы мәселелери агентлигиниң ўәкиллери де қатнасып, пуқаралардың жумыс бойынша мүрәжатларын тыңлады.

Ярмаркада 74 пуқара жумысқа кириў бойынша жоллама алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.