2018-жыл 23-март күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Академиялық лицейлерге улыўмалық орта билим бериў оқыўшыларын сайлап алыў, оқыўға қабыл етиў, олардың оқыўын көшириў ҳәм оқыўдан шетлетиў тәртиби ҳаққындағы уставты тастыйықлаў ҳаққында»ғы 212-санлы қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық тастыйықланып атырған Уставқа тийкарланып, академиялық лицейлер жумысына байланыслы бирнеше жаңалықлар енгизилмекте. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Академиялық лицей питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў дарежеси 80 проценттен жоқары болғанда тийисли жоқары оқыў орынлары ректорлары, академиялық лицейлер менен ислесиў бойынша тийисли проректорлар, академиялық лицейлердиң директорлары, оқыўшылары жоқары нәтийже көрсеткен бағдарда оқыў сабақларын шөлкемлестирген барлық профессор-оқытыўшыларға кейинги оқыў жылының 1-январынан баслап оқыў жылы ақырына шекем олардың мийнет ҳақысына 50 процент муғдарында үстеме ҳақы жоқары оқыў орынларының арттырылған төлемли контракт түсимлериниң есабынан әмелге асырылады.

Академиялық лицей питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў дәрежеси:

                     70 проценттен 80 процентке шекем болғанда бир айлық лаўазымлық мийнет ҳақысының 15 проценти муғдарында;

                     60 проценттен 70 процентке шекем болғанда бир айлық лаўазымлық мийнет ҳақысының 20 проценти муғдарында;

                     50 проценттен 60 процентке шекем болғанда бир айлық лаўазымлық мийнет ҳақысының 25 проценти муғдарында;

                     50 процентке шекем болғанда бир айлық лаўазымлық мийнет ҳақысының 30 проценти муғдарында бир мәртелик жәрийма қолланылады.

Интизамлы жәриймалар 2018-2019-оқыў жылы ақырынан баслап академиялық лицей питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў дәрежесине муўапық тийисли жоқары оқыў орынлары ректорлары, академиялық лицейлер менен ислесиў бойынша тийисли проректорлар ҳәм академиялық лицейлердиң директорлары, оқыўшылары оқыўға кирмеген бағдарда оқыў сабақларын шөлкемлестирген барлық профессор-оқытыўшыларға (хызмет көрсетиўши ҳәм техникалық хызметкерлер буған кирмейди) қолланылады.

2017-2018-оқыў жылы ақырында академиялық лицей питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў дәрежеси 50 проценттен төмен болғанда тийисли жоқары оқыў орны ректорлары, академиялық лицейлер менен ислесиў бойынша тийисли проректорлар ҳәм академиялық лицейлердиң директорлары, оқыўшылары оқыўға кирмеген бағдарда оқыў сабақларын шөлкемлестирген барлық профессор-оқытыўшыларға (хызмет көрсетиўши ҳәм техникалық хызметкерлер буған кирмейди) бир айлық лаўазымлық мийнет ҳақысының 15 проценти муғдарында бир мәртелик жәрийма қолланылады.

Академиялық лицей питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў дәрежесине муўапық интизамлы жаза шарасы қолланылған басшы хызметкерлерге кейинги оқыў жылы даўамында мийнет ҳақысына үстеме белгилеўге жол қойылмайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги