Усы жылдың 28-март күни Өзбек Миллий драма театрында “Ислам Кәримовтың естелигине бағышланған ең жақсы илимий-публицистикалық мақала” таңлаўының жеңимпазларын салтанатлы сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Таңлаўға елимиз пуқаралары ҳәм сырт елли авторлардан өзбек, қарақалпақ, рус, инглис, француз, итальян, қытай, немис, япон, араб, кореец, әзербайжан, қазақ, түркмен, қырғыз тиллеринде жазылған 900 ға шамалас материаллар келип түсти.

Таңлаўға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети магистратура бөлими 1-курс магистранты Замира Айымбетова “THE IMAGE OF ISLAM KARIMOV IN THE POETRY OF I. YUSUPOV” атамасындағы мақаласы менен қатнасып, сыйлы 3-орынды ийеледи ҳәм диплом және ең кем мийнет ҳақысының 50 есеси муғдарындағы қаржылай сыйлық пенен сыйлықланды.

Сыйлықлаў салтанатында магистрант Замира Айымбетова да шығып сөйледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.