Нызам ҳүжжетлери тәсирин баҳалаў системасы порталында Өзбекстан Республикасы салық системасын реформалаў концепциясының жойбары жәрияланған. Концепция бәнтлериниң биринде қосымша қун салығы (ҚҚС) ставкасының азайтылыўы нәзерде тутылған. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Қосымша қун салығы ставкасын 20% тен 12% ке шекем азайтыў усыныс етилмекте. Бунда оны төлейтуғынлар шеңбери кеңейтиледи. Барлық бизнес субъектлери, атап айтқанда, жылына 1 миллиард сумнан көп оборотқа ийе жеке тәртиптеги исбилерменлер де оны төлейди.

Бүгинги күнде микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар тек ғана ықтыярлы түрде ҚҚС төлейди, саўда ҳәм улыўмалық аўқатланыў кәрханалары буған кирмейди.

ҚҚСти есаплаў ҳәм төлеў механизмлери әпиўайыластырылады. Сатып алынған товарлар (жумыслар, хызметлер), атап айтқанда, шегирилмейтуғын қәрежетлер ҳәм капитал қойылмалар (тийкарғы қураллар ҳәм материаллық емес активлер) бойынша барлық “кириўши” ҚҚСти есапқа киргизиў усыныс етилмекте.

Әмелдеги системада ҚҚСти тек ҳақыйқатында да алынған ҳәм ислеп шығарылған және өз талаплары ушын пайдаланылған товарлар (жумыслар, хызметлер) бойынша, егер бунда белгили бир шәртлерге әмел етилсе, есапқа киригизиў мүмкин. Капитал қойылмалар ҳәм шегирилмейтуғын қәрежетлер бойынша ҚҚС есапқа қабыл етилмейди.

Аўыл хожалығы өнимлери көтере тармақ арқалы сатылатуғын болса, оны сатыў бойынша оборотларды ҚҚС төлеўден азат етиў режелестирилген.

Салыққа тартыў көлемин арттырыў мақсетинде, сол қатары, товарларды импорт етиў дәўиринде ҚҚСти төлеў бойынша нәтийжесиз жеңилликлер инвентаризациядан өткерилип, бийкар етиледи.

Салық кодекси ҳәм басқа ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлеринде көп санлы салық төлеўшилерге ҚҚСти төлеў бойынша жеңилликлер берилген, олар төлеўден азат етилген. Көбинесе олар мақсетсиз түске ийе болып, ҚҚС төлеў ҳәм есаплаў шынжырының үзилиўине алып келеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги