Усы жылдың апрель айында Қарақалпақ мәмлекетлик университети Журналистика тәлим бағдары студентлери Қанлыкөл районына медиатур шөлкемлестиреди. Бул ҳаққында Қанлыкөл районы ҳәкиминиң орынбасары Қуралбай Абдикаримов Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологияси факултети журналистика қәнигелиги студентлери менен ушырасыўда мәлим етти.

Болажақ журналистлер менен тығыз ислесиў басламасы менен шығып атырған Қанлыкөл районы ҳәкимлиги район турмысы, районда алып барылып атырған социаллық-экономикалық реформалар ҳаққында жәмийетшиликти кеңнен таныстырып барыўды мақсет еткен.

Район ҳәкимлиги басламасы менен жақында районның турмысын сәўлелендириўши kanews.uz ҳәм улыўма экономика тараўы жаңалықларын сәўлелендирип барыўшы business-portal.uz сайтлары иске түсти.

Буннан былай студент-журналистлер усы сайтларға дөретиўшилик жумыслары менен қатнасыўы мүмкин.

Апрельде өткерилиўи режелестирилип атырған медиатурда болса районда бой тиклеп атырған завод ҳәм фабрикаларға, социаллық объектлерге саяхат етиў нәзерде тутылған.

Медиатур жуўмағы менен болажақ журналистлер республикалық ғалаба хабар қуралларында ҳәм Интернет сайтларында журналистлик материаллар таярлайды.

 

Ажимуратов Парахат

ҚМУ журналистика қәнигелиги 2-курс студенти