Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстанға болган сапарында быйылғы жылды Қарақалпақстан ушын мектепке шекемги билимлендириў жылы деп жәриялаўы мүнәсибети менен Қоңырат районындағы “Қоңырат” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңа үй бақшасы ашылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

“Winderkinders in Kungrad” деп аталған усы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң баслығы Д.Абдуллаева “Өзсанаатқурылысбанк” АКБның Қоңырат филиалынан 500 миллион сумлық кредит алып, 25 орынлық балалар бақшасын ашты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги