Төрткүл районы дийқанлары Қарақалпақстан Республикасында бириншилерден болып топыраққа шигит екти. Усы мүнәсибет пенен районның “Өзбекстан” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Нурабад” фермер хожалығының атызында көргизбели семинар болып өтти, деп хабар бермекте район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты.

Район ҳәкими, сектор басшылары, аўыл хожалығы тараўы қәнигелери, фермерлерге хызмет көрсететуғын кәрханалар ҳәм фермер хожалықларының басшылары қатнасқан илажда егислик мәўсимди дурыс шөлкемлестириў, техникадан нәтийжели пайдаланыў, мәўсимди тез ҳәм сапалы етип жуўмақлаў бойынша пикир алмасылды.

“Нурабад” фермер хожалығы быйылғы жылы 51 гектар майданға “Султан” сортлы шигит егип, гектарынан 23 центнерден өним алыўды режелестирген. Буның ушын қысқы атыздың шорын жуўыў жумыслары сапалы алып барылып, атызлардың топырақ шараятын есапқа алып, егис жумыслары басланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги