Шымбай районындағы Қамысарық аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Мусаева Инжигүл” фермер хожалығында 2018-жыл ушын пахта егиси мапазына байланыслы семинар болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Семинарға сектор баслықлары, аўыл хожалығына байланыслы мәкеме, кәрханалар ўәкиллери ҳәм фермерлер қатнасты. Семинарда фермер хожалықлары баслықларына пахтаны агротехникалық қағыйдаларға сай сапалы егиў бойынша кең түсиник берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги