Шаңарақ институтын беккемлеў тараўында кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың көнликпелерин арттырыў бойынша арнаўлы оқыў курсларын шөлкемлестириў ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарары (МКҚ-230, 26.03.2018) қабыл етилди, деп хабар бермекте Әдиллик министрлигиниң “Ҳуқуқий ахборот” каналы.

Қарарға муўапық, жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаў, шаңарақтағы келиспеўшиликлерди шешиўдиң ҳуқықый ҳәм психологиялық тийкарларын үйретиў, ажырасыўлардың алдын алыў ҳәм шаңарақлардағы руўхый-этикалық қәдириятларды беккемлеў тараўында кадрларды қайта таярлаў және олардың көнликпелерин арттырыў мақсетинде оқыў курслары шөлкемлестириледи.

Арнаўлы оқыў курсларына оқыў шынығыўларын өткериў ушын саат бойынша ҳақы төлеў шәрти тийкарында жетекши билимлендириў, изертлеў ҳәм илимий мәкемелердиң хызметкерлери, сондай-ақ, әмелиятшы қәнигелер тартылады.

Қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин жетилистириўдиң тастыйықланған режесине киргизилген ҳәм арнаўлы оқыў курсларына оқыўға жиберилген тыңлаўшылардың тийкарғы жумыс орны бойынша орташа айлық ис ҳақы өсиў дәўиринде сақланып қалады.

Қәнигелигин жетилистириў ушын арнаўлы оқыў курсларына жиберилген басқа қалалы тыңлаўшыларға төленетуғын суткалық пул ҳәм оқыў орнына бир мәрте барып келиў бойынша сарпланған қәрежетлер оларды жиберип атырған тәрептиң есабынан белгиленген тәртипте төленеди.

Арнаўлы оқыў курсларын шөлкемлестириў ушын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы медициналық кәсип-өнер колледжлеринен ижара төлеминиң “нольлик” дәрежеси бойынша, тийисли коммуналлық және пайдаланыў қәрежетлерин қаплаў шәртисиз оқыў ханалары ажыратып бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги