Улыўма халықлық Наўрыз байрамы салтанатлары күнинде Тақыятас районы орайында “Atiyaj-Gulzar” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң дәнди қайта ислеў кәрханасы пайдаланыўға тапсырылды.

Бул кәрханаға Туркияның “Or-Tas” фирмасының улыўмалық баҳасы 1 миллион 50 мың АҚШ доллары болған заманагөй үскенелери алып келинип орнатылды. Суткасына 120 тонна дәнди қайта ислеў қуўатлылығына ийе болған кәрханада 90 тонна ун, 30 тонна кепек ислеп шығарылмақта. 25 ҳәм50 килограммлық “Бесқала”, “Stella” саўда белгиси астында шығаралып атырған ун өнимлери кәрхананың еки дана Isuzu маркалы жүк автомашиналарында Арал бойының барлық қала ҳәм районларындағы, сондай-ақ, Хорезм ўәлаятының саўда орайларына жеткерип берилмекте.

– 2015-жылы қурылысы басланған кәрханамызды “Асакабанк”тан алынған 7 миллиард сумлық кредит есесине қурып питкерип, байрам қарсаңында пайдаланыўға тапсырдық, – дейди “Atiyaj-Gulzar” жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Азат Мустафаев. – Мақсетимиз халықты сапалы Қазақстан унларынан қалыспайтуғын өзимизде өндирилген өним менен тәмийинлеўден ибарат.

Кәрханада “Бесқала”, “Stella”дан тысқары жақын күнлерде “Тумар” саўда белгиси астында ун өнимлери ислеп шығарыла баслайды.

Жаңа кәрхана жумыс баслаўы менен 60 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Олардың көпшилигин жаслар қурайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги