Кегейли районының «Жүзимбағ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Азат Берганов басқарған «БекзадАзат» фермер хожалығында быйылғы жылдың шигит егисине бағышланып көргизбели семинар болып өтти.

Оған райондағы барлық фермер хожалықларының баслықлары ҳәм оларға хызмет көрсетиўши мәкемелер менен кәрханалардың басшылары қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды улыўмахалықлық Наўрыз байрамы ҳәм шигит егисиниң басланыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Аўыл хожалығын жедел раўажландырыў ҳәм реформаларды тереңлестириў бойынша жумыслардың нәтийжелилигине бағышланып усы жыл 23-март күни видеоселектор тәризинде өткерилген мәжилисте шигит егиўди сапалы өткериў ҳәм толық нәл алыў мәселеси де додаланып, аз өним беретуғын пахта атызларын қысқартыў есабынан өтимли овощ ҳәм палыз егинлерин егиў белгиленди. Сонлықтанда, пахташылықтан  зүрәәтлиликти жылдан-жылға арттырып барыў, оннан мол дәрамат алыў талап етиледи. Усы әҳмийетли ўазыйпаны атқарыўда район фермерлери ҳәм тараў қәнигелери тәрепинен бүгинги күнде ислениўи тийис жумысларға айрықша  тоқтап өтилди ҳәм егис мапазын тез күнлер ишинде сапалы жуўмақлаўдың барлық илажларын көриў бойынша баҳалы мәсләҳәтлер берилди.

-Шигит егисин шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша илажлар бағдарламасы ислеп шығылып, штаб шөлкемлестирилди,-дейди Кегейли районлық фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы Абдиқәдир Юсупов.-Быйылғы жылы, район бойынша  218 фермер хожалығында 6330 гектар майданға шигит егиў режелестирилмекте. Бул әҳмийетли мапазды шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша 27 шигит егиў отряды шөлкемлестирилип, оларға 41 сүрим, 66 шигит егиў сеялкасы, 24 жер тегислегиш, 10 чизель, 104 борона комплект, 177  қатар арасын ислеўши трактор ҳәм басқа да аўыл хожалығы техникалары бириктирип берилди.

Егис мапазында керекли жанылғы-майлаў материаллары, туқымлық шигит, минерал төгинлер менен үзликсиз тәмийинлеўдиң барлық илажлары көрилмекте. Сондай-ақ, мапазға қатнасатуғын механизатор ҳәм жумысшыларды өз ўақтында мийнет ҳақылары менен тәмийинлеў мақсетинде 427 миллион сум қаржы ажыратылып, атыз басларында ыссы аўқат пенен тәмийинленеди. Солай етип, егисти қысқа мүддетте сапалы байытыў  нәзерде тутылмақта.

Усы күнниң өзинде жасы үлкен нуранийлардың ақ патиясы менен фермер хожалығындағы 1,5 гектар майданға шигит егилди.

Көргизбели семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары С.Хожаметов, район ҳәкими М.Абдиров қатнасты.

Шигит егисине бағышланған көргизбели семинар Шымбай районындағы «Қамысарық» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Инжигүл Мусаева басқарған фермер хожалығында да болып өтти.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы