ӨзАның хабаршысына «Мәҳәлле» қайырқомлық қорынан хабар етиўинше, аймақларда халықтың қыйтақ жер хатлаўын өткериў мақсетинде 4 миллион 733 мың 326 шаңарақ дизимнен өткерилди. Бул процессте ҳәр бир шаңарақ қолындағы жер майданының көлеми, не егилгени, егер де бос турған болса, ендигиде бул жерден қандай пайдаланбақшы екени үйренилди.

Оған бола, дийқан хожалықларының ҳәм халықтың қыйтақ жер майданларында егилген 73,4 мың гектар тоқсанбасты егининен жоқары өним алыў, егислик атызларының  184,6 мың гектарына ерте писиўши ҳәм 185,8 мың гектарына орта писиўши егинлерди егиў тәмийинленди. Сондай-ақ, халықтың талабы тийкарында 1 миллион 333 мың 738 бас шарўа, 3 миллион 216 мың бас қусшылық, 3 мың 721 гектарда ықшам ыссыханалар қурыў бағдарынан усыныслар алынды.

Давергеодезкадастр комитети бул усыныслар тийкарында қыйтақ жери бар шаңарақлар бойынша мағлыўматнамаларды рәсмийлестирди. Аймақлық жумысшы топарлар халықтың қәлеўин үйренип, өним жетистириў ҳәм оның ислетилиўи, ыссыханалар қурыў, шарўашылық, қусшылық, палҳәррешилик, балық бағыў бойынша талапларын да үйренди.

Усы ўақытқа шекем қыйтақ жеринен пайдаланыўды тәртипке салыў, есабын жүргизиўге итибар қаратылмағанын атап өтиў керек. Соннан болса керек, пуқаралар жыйынларының ўәкиллери мәҳәллелерде түсиндириў жумысларын алып барғанына қарамастан қыйтақ жер ийелери өз егислик жерлеринен толық пайдаланыўға итибар бермеген. Ендигиден былай мәҳәлле ўәкиллери аймақтағы ҳәр бир шаңараққа кирип барыў ҳәм жерден қай дәрежеде пайдаланып атырғанын қадағалаў ҳуқықына ийе болды.

Ендигиден былай мәҳәллелерди қәнигелестириў де көзде тутылмақта. Мысалы ушын, бир мәҳәлледеги 100 шаңарақ пияз, және 200 шаңарақ картошка егиўди жолға қойыўы мүмкин.

Әне сол ўақытта, қыйтақ жерге егин еккен пуқараның үйинен өнимди орайластырылған ҳалда алып кетип, ақшасын пластик карточкасына өткерип бериў және де аңсатласады.

Ең қызық тәрепи, егер күйеўи болып, ол шет елге жумыс ислеўге кеткен жас ҳаял қыйтақ жерден пайдаланыў имканиятына ийе болмаса, бул жерди ислете алатуғын қоңсыға ижараға бериў илажы да көрилиўи мүмкин. Егер бул система кеңнен жолға қойылса, адамларда қыйтақ жерлеринен пайдаланыўда мәпдарлықлары артады, оларда дийқаншылық етиўлерине түртки болады.

Саёра Шоева, ӨзА