Усы жылдың 25-март сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде улыстың уллы күни, шығыс халықларының жаңа жыл байрамы, жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы – Наўрыз улыўма халықлық байрам сейили ҳәм тамашалары болып өтти.

Тәбияттың ояныў дәўири ҳәм күн менен түнниң теңлескен ўақты болған улыстың уллы күни университеттиң барлық факультетлериниң миллий тағамлар, кийим-кеншеклер, ата-бабаларымыз пайдаланған буйымлар, олардан мийрас болып, атадан-балаға өтип киятырған үрп-әдет және дәстүрлер, миллий қосық ҳәм аяқ-ойынлар сәўлелендирилген көргизбе менен басланды. Көргизбеге келген елимиз пуқаралары ҳәм мийманлар көп миллетли Қарақалпақстанның миллий өзгешеликлерине гүўа болды. Профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер биргеликте миллий қосықларды атқарып, қыз-жигитлер айтысып, миллий саз әсбаплары менен өз ара дәсме-дәске түсти. Байрам тамашаларына келген мийманлар көргизбеге қойылған миллий тағамлар – Наўрызлық гөже, сүмелек, жарма, жүўери гүртик, бийдай гүртик, зағара, мәйсөк, ийжан, тақан ҳәм усы сыяқлы тағамлардан дәм татты.

Бир тәрепте көргизбе болып атырған болса, университеттиң спорт сарайы алдында барлық факультетлердиң профессор-оқытыўшылары, студентлери ҳәм барлық хызметкерлери арасында миллий ойынлар – арқан тартысыў, гүрес, тас көтериў сыяқлы ойынлар өткерилип, байрамға сән-салтанат бағышлады.

Буннан соң байрамның ҳәмме асыға күткен «Әзиз Ўатанласлар, ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» атамасындағы театрластырылған әдебий-музыкалық бөлим де басланып кетти. Онда университет ректоры А.Реймов шығып сөйлеп, шығыс календары бойынша жаңа жыл байрамы, тынышлық, татыўлық ҳәм аўызбиршиликтиң белгиси болған Наўрыз әййямы менен барлық жыйналғанларды қызғын қутлықлады. Ол өз сөзинде университеттиң усы күнге шекемги аралықта қолға киргизген жетискенликлери ҳаққында айта келип, бундай табыслардың буннан былай да мол болыўы ушын ҳәр биримиз аянбай мийнет етиўимиз кереклигин айтып өтти.

Соңынан театрластырылған байрам тамашалары Хожели районындағы Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларының атқарыўындағы «Наўрыз келди» атамасындағы балалар қосығы менен басланды. Байрам саўғалар менен сулыў. Өз талант ҳәм қәбилетлерин көрсетип, халықтың алғысына миясар болған бул кишкене балалар университет ректораты тәрепинен таярланған байрам саўғалары менен сыйлықланды.

Байрам тамашасына жыйналған халқымыз университет студентлери атқарыўындағы «Қыз узатыў тойы» атамасындағы фольклорлық бөлимди тамашалап, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған қыз узатыў дәстүри, ондағы қызықлы ойынлар, дәсме-дәс айтысыўлар ҳәм үрп-әдетлерге гүўа болды.

Қарақалпақстан – көп миллетли мәкан. Бул жерде әййемнен түрли миллет ўәкиллери тыныш-татыў, аўызбиршиликте жасап келген. Наўрыз дослық, парахатшылық байрамы болғанлықтан, байрам тамашаларында түркмен, қазақ, кореец, рус халықларының миллий қосықлары, аяқ ойынлары атқарылды. Ал усы бөлимниң ақырында жаңланған «Ләзги»ге барлық жыйналғанлар аяқ-ойынға түсип, кеўиллерин көтерди.

Университетте оқып билим алып атырған студентлер тек ғана илим-билим тараўында емес, соның менен бирге, спорт тараўында елеўли жетискенликлерди қолға киргизип келмекте. Байрам тамашаларында дүнья жүзилик, Азия ҳәм Өзбекстан бириншиликлеринде сыйлы орынларды ийелеп, университетимиз, сондай-ақ, елимиздиң мақтанышына айланған спортшы жаслардың шығыўлары ҳәммеге үлкен заўық бағышлады.

Наўрыздың сәни, әлбетте, сүмелек тағамы есапланады. Тамашаға келген мийманлар ҳәм халқымыз усы тағамнан дәм татып, жақсы нийетлерин билдирди.

Байрам тамашалары университеттиң «Ҳүрлиман» халық ансамбли ҳәм елимиздиң көзге көринген көркем өнер ғайраткерлериниң атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ-ойынлар менен даўам етти.

Қулласы, университетте өткерилген Наўрыз байрамы халқымыздың кеўиллерин хош етип, аўызбиршилигин және бир мәрте сәўлелендире алды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.