Соңғы ўақытлары Ташкент көшелеринде айналары қарайтылған автомобильлер жийи-жийи көзге тасланбақта. Бул жағдайдың гүўасы болғанлар “Қарайтылған айналы автомашинада ҳәрекетлениў мүмкин болды ма?” деген сораў пайда болмақта, деп жазады ӨзА.

ЖҲҚБ хызметкерлериниң ӨзА сайтына берген мағлыўматына бола, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 126-статьясында қарайтылған айналы автомобильде ҳәрекетлениў қадаған етилетуғынлығы көрсетип өтилген. Бул қағыйданы бузған транспорт басқарыўшысына жәрийма сыпатында транспорт қуралы ўақытша иркиў жәрийма майданшасына эвакуация етиледи. Қағыйданы бузыў ең кем мийнет ҳақының 1 есеси муғдарында жазаланады. Егер бул жағдай және бир мәрте қайталанса, жәрийма ең кем мийнет ҳақының 2 есеси муғдарында белгиленеди. Бул қағыйда Өзбекстан аймағында ҳәрекетленетуғын барлық автомобиль ийелерине тийисли есапланады.

Қоңсылас мәмлекеттен өз машинасында келген саяхатшылар да усы қағыйдаға әмел етиўи шәрт. Өзбекстан Республикасының шегарасында мәмлекетке кирип киятырған сырт елли автомашина ийесине бул қағыйдалар биринши гезекте ескертиў сыпатында айтылады ҳәм түсиндириледи. Егер қағыйда бузылған жағдайда транспорт басқарыўшысына тийисли шара көриледи.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан аймағындағы елшиханаларға тийисли автомашиналарға бул қағыйда тийкарында шеклеў қойылмайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги