Автотранспорт қураллары конструкциясының пайдаланыў шәртлери бойынша қәўипсизлиги ҳаққындағы улыўмалық техникалық регламентке (Министрлер Кабинетиниң қарары, 2012-жыл 4-июль, 191-сан) муўапық:

  Барлық транспорт қуралларында алдынғы, қаптал ҳәм артқы тәрептеги айнасының жақтылық өткериўи кеминде 70 процентти қураўы керек;

 Қаптал айнасына перде орнатыўға тек ғана жолаўшылар тасыўға арналған, транспорт басқарыўшысының орнынан бөлек орынлар саны 8 ден аслам ҳәм ең аўыр салмағы 5 тоннадан артық болған автотранспорт қуралларына (айрым микроавтобуслар, автобуслар) руқсат бериледи;

 Транспорт басқарыўшысының орнынан бөлек орынлар саны 8 ден көп болмаған автотранспорт қуралларының (яғный көпшилик халық пайдаланатуғын әпиўайы жеңил автомобильлердиң) ҳәр еки тәрепинде артқы тәрепти көретуғын сыртқы айна болған жағдайда, бул автомобильлердиң артқы айнасына перделер, сондай-ақ, ший перделер ҳәм жыйналмалы перделер орнатыў мүмкин.

Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң “Ҳуқуқий ахборот” каналында мағлыўмат берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги