«Ташкент-Шымкент веломарафоны» қатнасыўшылары 130 км аралықты басып өтип, Шымкент қаласына жетип келди. Веломарафон Ташкенттиң орайлық аймағынан басланған еди, деп хабар бермекте Inform.kz сайты.

Веломарафон қатнасыўшылары “Жипек жолы” бәндиргисине жеткеннен соң “жасыл өткел” арқалы өтти. Бул марафонға Өзбекстан ҳәм Қазақстанның көплеген пуқаралары қатнасыў тилегин билдирген. Қатнасыўшылар 11-60 жас арасындағылардан ибарат болды.

Веломарафон қатнасыўшылары 130 км аралықты басып өтип, Шымкент қаласының орайына жетип келди. Оларды қубла қазақстанлылар жыллы жүзлилик пенен күтип алды.

Илаж соңында жеңимпаз қатнасыўшылар дипломлар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги