Елликқала районындағы алдынғы саптығы фермерлер ҳаққында сөз болғанда  «Сарабий» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Тохир уғлы Боғибек» фермер хожалығының баслығы Фархад Атаджанов  ҳүрмет пенен тилге алынады. Оның көп жыллық мийнети ҳүкиметимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланып, өткен жылы Аўыл хожалығы хызметкерлери күни байрамы қарсаңында «Дослық» ордени менен сыйлықланды.

Фермер хожалығында пахташылық ҳәм ғәллешилик пенен бир қатарда пиллешиликти раўажландырыўға айрықша әҳмийет берилмекте. Соңғы үш жылда 57 қуты наўқан қуртынан 3620 килограмм пилле жетистирип, реже 120 процентке орынланды. Қусшылықты раўажландырыў мақсетинде 360 бас таўық бағылмақта.

Тәжирийбели фермер жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша аймақтағы жап-салмаларды тазалаў жумысларын алып барып, егислик майданлардың өнимдарлығын жылдан-жылға арттырыўға ериспекте. Оның жерлерди шүдигарлаў, дақылларға тәрбия бериў бойынша алдынғы ис тәжирийбеси район фермерлери арасында кең ен жайдырылмақта.

-Бүгинги күни ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында аўыл хожалығы тараўына айрықша итибар қаратылып, барлық шараятлар жаратылып берилмекте,-дейди фермер Фархад Атаджанов. Бундай итибар ҳәм ғамқорлыққа өзимиздиң пидәкерлик мийнетимиз бенен жуўап бериўимиз тийис.

Быйылғы жылы фермер хожалығы ағзалары 40 гектар майданға пахта, 5 гектар майданға ашшы бурыш, 3 гектарға картошка егиўди режелестирип, таярлық жумысларын әлле қашан баслап жиберди. Өткен жылы гүзде егилген 21 гектар бийдай майданынан бир тегис нәл алынып, агротехниклық қәделер тийкарында тәрбия берилмекте. Хожалықтың атыз шертегиниң әтирапы абаданластырылып, бул жерде балықшылық, қусшылық, пал ҳәррешилигин раўажландырыў жолға қойылып, ыссыхана қурыў ислери әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.