Қарақалпақстан бойынша шет тилин билиў дәрежеси ҳаққында мәмлекетлик үлгидеги B1 ҳәм оннан жоқары дәрежедеги сертификатына ийе болған талабанлар анық болды.

Солардың арасында инглис тили бойынша ең жоқары балл топлағанлардың бири Айжамал Мадиярова ҳәзирги ўақытта Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы жанындағы 3-санлы академиялық лицейдиң питкериўши курсында оқыйды. Быйылғы оқыў жылында Ташкент мәмлекетлик финанс (қаржы) институтына оқыўға тапсырыў нийетинде.

Айжамал Мадиярова

Ал, Айымгүл Халықназарова болса, немис тили бойынша 112 балл топлап, B1 дәрежедеги  сертификатты қолға киргизди. Ол да пайтахтымыздағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалы жанындағы 3-санлы академиялық лицейдиң 3-курс студенти. Келешекте Ташкент мәмлекетлик жәҳән экономикасы ҳәм дипломатиясы университетине ҳүжжет тапсырмақшы.

Айымгул Халыкназарова

Быйылғы жылы февраль айының ақырларында Нөкис агроэкономика кәсип-өнер колледжинде 71 талабан шет тилин билиў дәрежесин анықлаў сертификатына ийе болыў ушын аўызша имтиханды тапсырған еди. Соннан 35 и B1 дәрежедеги  сертификатқа ийе болды. Енди Айжамал ҳәм Айымгүл қатары олар да жоқары оқыў орынларының бакалавриатына кириўде  шет тили бойынша өткерилетуғын тест сынағынан азат етилип, усы пәннен белгиленген максимал баллға ийе болады.

– Мен усы сертификат пенен ең максимал балл – 75,6 баллды қолға киргиздим. Себеби мен тапсыратуғын бағдарда шет тили екинши блок пәни саналады, – дейди Айымгүл Халықназарова. – Ҳүкиметимиздиң усындай әдил өлшем жаратқаны биз ушын қуўанышлы, әлбетте. Ҳәзирги күнде басқа пәнлеримди жетик өзлестириў ҳәрекетиндемен.

Шет тилин билиў дәрежеси ҳаққында мәмлекетлик үлгидеги А2, B1, B2 дәрежесиндеги сертификатты алыўды қәлеўши талабанларға қолайлық жаратыў мақсетинде быйылғы жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасынан ҳүжжет тапсырғанлар Нөкис қаласында имтиханнан өтетуғын болды. Имтиханның тыңлап түсиниў, оқып түсиниў, лексикалық ҳәм грамматикалық компетенция, жазыў көнликпелери, аўызша сынақлары 17-18-апрель күнлери аралығында пайтахтымызда болып өтеди.

Еслетип өтемиз, сертификат алыў ушын ең максимал – 150 балл болып, 90 баллдан жоқарысы муўапық деп есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.