Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 23-март күни аўыл хожалығын жедел раўажландырыў ҳәм реформаларды тереңлестириў бойынша жумыслардың нәтийжелилигине бағышланған мәжилис болып өтти.

Видеоселектор тәризинде өткерилген мәжилис Бас министр, оның орынбасарлары, тийисли министрликлер менен ведомстволардың жуўапкер адамлары, Қарақалпақстан Республикасының басшылары, ўәлаятлардың ҳәкимлери қатнасты.

Елимиздиң аўыл хожалығы тараўында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Егинлерден мол ҳәм сапалы өним алыў, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, заманагөй техникалар ҳәм агрегатлар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.

Мәжилисте жоқары  өнимдарлыққа ерисиўде агротехникалық илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Өз ўақтында минерал төгин берген ҳәм суўғарған фермерлердиң атызларында ғәллениң жағдайы қанаатландырарлы  болып, жедел раўажланбақта.

Соған қарамастан, елимиз бойынша бир неше мың гектар жерде ғәлле жетистириў кешикпекте. Атап айтқанда, Ташкент, Жиззақ, Сурхандәрья, Қашқадәрья, Бухара ҳәм Наманган ўәлаятларындағы айырым ғәлле атызларында усындай жағдайлар бар.

Оның тийкарғы себеби – ўәлаят ҳәм районлардағы басшылар ҳәм ирригация системасының хызметкерлери суўдан нәтийжели пайдаланыў жумысларын дурыс шөлкемлестирмеген. Нәтийжеде ғәллеге ажыратылған суўдың үлкен бөлеги басқа егинлерди суўғарыўға жумсалмақта. Орынлардағы ҳәкимлерге ҳәм ирригация системасының басшыларына суўдан нәтийжели пайдаланыў, егислик жерлерди өз ўақтында суўғарыў бойынша жумысларды дурыс шөлкемлестириў тапсырылды.

Мәжилисте ғәллени жапырағынан азықландырыў, яғный, суспензия себиў, ғәлле атызларына жергиликли төгин бериўде белгиленген нормаларға әмел етиў өнимдарлықтың артыўында әҳмийетли роль атқаратуғыны атап өтилди. Бул әҳмийетли агротехникалық илаж минерал төгинлердиң нәтийжелилигин 6-8 есеге арртырады ҳәм өсимликтиң суўға болған талабын 20-25 процентке азайтыў имканиятын береди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине, ўәлаятлардың ҳәкимликлерине ғәлле атызларына қорғаныў қураллары, атап айтқанда, фунгицид пенен гербицид араласпасын себиўди 30-мартқа шекем толық жуўмақлаў, ғәлле атызларына март айында және бир мәрте ҳәм апрель айында кеминде еки мәрте суспензия себиўди қатаң қадағалаўға алыў ўазыйпасы жүкленди.

Мәжилисте ғәлле жыйын-теримине таярлық мәселеси де додаланды. Мәўсимге таярлық бойынша техника қуралларының сазлығын тәмийинлеў, бар комбайнларды техникалық тексериўден өткериў  нәзерде тутылған. Бул бағдардағы бар кемшиликлерди қысқа ўақыт ишинде сапластырыў бойынша жуўапкер адамларға тийисли тапсырмалар берилди.

Мәжилисте шигит егиўди сапалы өткериў ҳәм толық нәл алыў мәселси де додаланды.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылы 1 миллион 71 мың гектардан аслам жерге шигит егиў бегиленген. Бул 2017-жылға салыстырғанда 135 мың, 2016-жылға салыстырғанда болса 184 мың гектарға аз болып есапланады. Аз өним беретуғын пахта атызларын қысқартыў есабынан өтимли овощ ҳәм палыз егинлерин егиў белгиленди.

Шигит егиў мәўсимин қысқа мүддетте өткериў, толық ҳәм жақсы нәл өндирип алыў ушын аймақларда жәми 3 мың 432  жер таярлаў ҳәм шигит егиў отряды шөлкемлестирилген. Быйылғы жылы жаўын-шашын аз болып атырғанлығы себепли шигитти топырақтың тәбийғый ызғарлығына өндирип алыў керек. Соның есабынан 1 миллиард метр  куб суў үнемленеди. Бүгин Сурхандәрья ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында топырақта жетерли температура болып, шигитти егиў ушын жүдә қолайлы ҳәм оптимал шараят жүзеге келген.

Бирақ, бүгинги күнге шекем Сурхандәрьяда 8 мың гектар ямаса 11 процент, Қашқадәрьяда болса 5 мың гектар ямаса 3,5 процент атызға шигит егилген. Күнделикли егиў тезлиги де 1 процент әтирапында болмақта. Солай етип, усы аймақларда шигитти егиўдиң кешигип кетиўи – ғаўашаның өним топлаў ўақты әйне ыссы күнлерге туўра келип, өнимниң үлкен бөлегин гармсельге ямаса шыбын-ширкейге бастырып қойыўға себеп болатуғыны ҳәммемизге белгили.

– Ең тийкарғысы, аўыл хожалығында барлық машқалаларды бирим-бирим шешип бир тонна пахтаның орташа баҳасын 3 миллион 250 мың сум етип белгилеп қойдық. Енди ҳәр жылғы  «Шигит егиўге қаржы жетпей атыр, жанылғы жоқ» деген сылтаўға орын қалмады, ажыратылып атырған қаржылар барлық илажлар ушын жетеди, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Пахта ҳәм ғәлле житистириўди қаржыландырыў мәселеси де дыққат-орайында болды. Мәўсим даўамында фермерлерге өзгермейтуғын ҳәм шекленген баҳада минерал төгин ҳәм жанылғы-майлаў өнимлерин жеткерип бериў зәрүрлиги атап өтилди. Жақында қабыл етилген қарарға муўапық пахта-ғәллениң сатып алыў баҳасын қәрежетлерди қаплайтуғын ҳәм пайданы тәмийинлейтуғын етип белгилеп берилди. Сондай-ақ, усы жылы пахта зүрәәти ушын ажыратылатуғын жеңилликли кредит 6 триллион сумды қурап, ол өткен жылға салыстырғанда 3 есеге көп болып табылады. Ең тийкарғысы, фермерлерге берилетуғын жеңилликли кредитлерде минерал төгин ҳәм жанылғы-майлаў өнимлери ушын қәрежетлерди 100 процент қаплайтуғын муғдарда қаржылар нәзерде тутылған.

– Бурын  жеңилликли кредит анық бағдар бойынша ажыратылып, фермер өз ақшасын өзи жумсай алмайтуғын еди. Енди болса кредитлерди бөлистириў фермерлердиң  буйыртпалары тийкарында район дәрежесинде шешиледи, – деди Президент. – Фермерге тек зыян келтиретуғын, өнимдарлығы 15 центнерден төмен болған жерлерге пахта егиўден ўаз кештик. Енди бундай атызларға жоқары дәраматлы экспортқа қолайлы егинлер егиледи.

Мәжилисте қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириўге де айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан Фермерлер кеңесиниң жумысы талапқа жуўап бермегенлиги ушын сапластырылып, оның орнына Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси шөлкемлестирилди. Кеңестиң халық ҳәм дийқан хожалықларына тийисли өнимли қыйтақ жерлеринен пайдаланыўды шөлкемлестириў бойынша жумыслары талапқа жуўап бермейтуғыны атап өтилди. Жергиликли ҳәкимликлер де бул тараўға жетерли итибар қаратпай атырғаны көрсетип өтилди.

Жақында Бухара, Наўайы ҳәм Самарқанд ўәлаятларында қыйтақ жер атызларынан пайдаланыў жағдайы үйренилгенлиги атап өтилди. Усы ўәлаятлардың айырым районларында қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланылмай атырғанлығы анықланған. Халықтың көпшилиги 8-10 сотих қыйтақ жери болса да ҳеш нәрсе екпеген.

Мәмлекетимиз басшысы киши қыйтақ жерден мол өним алып, шаңарағын бағып, үлкен дәрамат таўып атырған мийнет сүйгиш адамларды үлги етип көрсетти.

– Шөп суқсаң көгеретуғын жеримиз бар, мийнет сүйгиш халқымыз бар. Бирақ қыйтақ жерлерден – усындай үлкен резервтен пайдаланбай атырмыз. Соның ушын бүгиннен баслап «Қыйтақ жерге егин егиў» айлығын жәриялап, ҳәр бир қыйтақ жерге егин егиўди шөлкемлестириў керек. Егер ҳәзир екпесек, кейин кеш болады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Бул бағдарда халыққа көмеклесиў мақсетинде барлық районларда «Қыйтақ жер хызмети» кәрханаларын шөлкемлестириў, олар арқалы қыйтақ жерлер ушын нәл, минерал төгин, химиялық препаратларды жеткерип бериў, механизация ҳәм басқа сервис хызметлерин көрсетиў бойынша система жаратыў бойынша тапсырма берилди. Усы хызметлер жетистирилген өнимди сатып алыў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиў менен де шуғылланады.

Мәжилисте мийўе-овощ, картошка, жүзим ҳәм палыз өнимлерин жетистириўге байланыслы жумыслар да додаланды. Усы жылы 2017-жылға салыстырғанда 24 процентке көп өним жетистириў режелестирилгенлиги атап өтилди.

Усы режедеги мийўе-овощларды сапалы жетистириў, халықтың пайдаланыўы ушын жәмлеў, белгиленген бөлекти экспорт етиўди тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте жоқарыда атап өтилген кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў, барлық түрдеги егинлерден мол өним алыў бойынша жуўапкер адамларға тийисли көрсетпелер ҳәм тапсырмалар берилди.

ӨзА