Полиомиелит жүдә қәўипли жуқпалы кеселлик болып, оның вирусы патас азықлық затлар ҳәм суў арқалы тарқалып, ишекте көбейеди. Соң нерв системасына кирип алып, бир неше сааттың ишинде даўасы жоқ ләң кеселлигин (параличти) келтирип шығарады. Кеселликке қарсы гүресиўде бирден-бир нәтийжели ҳәм исенимли илаж – алдын-ала шаншыў. Қарақалпақстан Республикасында балаларды бул кеселликке қарсы шаншыў ҳәзирги ўақытта тири ораль полиомиелит вакцинасы (ОПВ) арқалы әмелге асырылады.

Тәбиятта полиомиелит вирусының 3 типи ушырасады. 1960-жыллардан берли жер жүзинен усы үш типти де жоқ етиў ушын 3 валентли вакцинация әмелге асырылып киятырған еди. Дүнья жүзилик Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усы кеселликти жоқ етиўдиң жуўмақлаўшы басқышын әмелге асырыў бойынша стратегиялық жойбары шеңберинде дүнья жүзинде жабайы полиовирустың 2-типи жоқ етилип, 3-типи 2012-жылдың ноябрь айынан баслап дизимге алынбады. Сол себепли басқа да  мәмлекетлер қатарында 2016-жылы Өзбекстан үш валентли ОПВ вакцинасынан полиовирустың 1 ҳәм 3-типлеринен қорғайтуғын еки валентли вакцинаға өтти. Үш валентли ОПВ вакцинасын шаншыў әмелиятынан алып таслаў нәтийжесинде полиовирустың 2-тип вакцина штампы тәрепинен вакцина менен байланыслы   паралитикалық полиомиелиттиң жаңадан пайда болыўына тосқынлық етиўге ерисиледи. Полиомиелит кеселлигине қарсы алып барылып атырған басқа да илажлар ҳаққындағы сораўларымызға Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайының иммунопрофилактика бөлими меңгериўшиси Әдил Досымбетов төмендегише мағлыўмат берди:

– Аралбойы аймағын раўажландырыўға қаратылған Қарақалпақстан Республикасы бойынша Мәмлекетлик бағдарламада 2017-жылдан баслап Миллий шаншыў календарына полиомиелит кеселлигине қарсы вакцинаның инактивленген жаңа усылын енгизиў режелестирилген екен. Булшық ет ишине жибериў арқалы әмелге асырылатуғын бул усылдың бурынғы аўызға тамызыўшы вакцинадан абзаллығы неде?

– Баланың аўзына тамызыў арқалы полиомиелит кеселлигине қарсы иммунитетти қәлиплестиретуғын ораль полиомиелит вакцинасы (ОПВ) полиовирустың 1 ҳәм 3-типлеринен қорғайтуғын тийкарғы вакцина. Ол арзан, ислетиўге (пайдаланыўға) қолайлы болыўына қарамастан, шаншыўдан кейинги асқынлаўлар болыўы итималы бар еди. Яғный, дүнья жүзилик тәжирийбеде 2-3 миллион ОПВ менен шаншылған балалардың биреўинде шаншыўдың аўыр кери тәсири байқалған. Инактивленген полиовакцина болса, полиовирустың үш типинен де қорғайды ҳәм ҳеш қандай кери тәсир етпейди. ОПВ баланың ишегинде, ал, ИПВ қанда иммунитетти қәлиплестиреди.

Ҳәзирги ўақытта ораль полиомиелит вакцинасы менен ҳәр жылы орташа 120 мың баланы шаншыў әмелге асырылады.  Республикамызда 1960-жылдан баслап қолланылып киятырған ОПВ  балалардың 2, 3, 4, 16 айлық ўақтында ҳәм 7 жасарлығында тамызылады. Бул ушын ҳәр жылы орташа 120 миллион сум қаржы ажыратылады. Мысалы, 2017-жылдың 4 айы даўамында Қарақалпақстанда 10 мың 755 еки айлық, 11 мың 530 үш айлық, 12 мың 938 төрт айлық, 13 мың 200 ден аслам 16 айлық ҳәм 470 жети жасар, жәми 48 мың 898 балаға полиомиелитке қарсы шаншыў әмелге асырылып, бул ушын 20 миллион 616 мың сумнан аслам қаржы жумсалған. Үзликсиз түрде өткерилип атырған усындай илажлар нәтийжесинде 1995-жылдан берли Өзбекстан территориясында наўқасланыў жағдайы дизимге алынбады. 2001-жылы республика полиомиелит кеселлигинен азат аймақлар қатарына киргизилип, Дүнья жүзилик Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң арнаўлы сертификатын алды.

– Бизлерде сол ўақытлардан берли полиомиелит ушыраспайтуғын болса, неге оған қарсы вакцинацияны тоқтата қоймаймыз? 

–  Бул кеселликтиң дүнья жүзиндеги басқа мәмлекетлерден кирип келиў қәўпи бар. Халқымыз «Аўырыўды емлегеннен оның алдын алған жақсы» деген даналық гәпти бийкарға айтпаған. Әсиресе, еле дүньяда бир қанша мәмлекетлерде полиомиелит пенен наўқасланғанлар баршылық. Олардың арасындағы Аўғанстан, Пакистан сыяқлы жақын мәмлекетлер қәўипли жағдайлар, тынымсыз урыс ҳәм жәнжеллер себепли қәўипли кеселликлердиң эпидемиологиялық ошағына айланған. Сол себепли сергекликти жоғалтпаўымыз керек.

Кеселликтиң жуғыўының ҳәм халықтың арасында кеңнен тарқап кетиўиниң алдын алыў мақсетинде республикамызда полиомиелит кеселлиги бойынша эпидемиологиялық қадағалаў системасы белсенди түрде әмелге асырылып келинбекте.

Раўажланған мәмлекетлерде балалар туўылғанынан ер жеткенге шекем 30 дан аслам түрдеги кеселликлерге қарсы шаншыў әмелге асырылады. Бизлерде ҳәзирше тек 12 түрли кеселликке қарсы вакцина салынады.

– Демек, шаншыў тоқтап қалса, кеселлик кескин тарқалып кетиўи мүмкин, солай ма?

Дурыс, тек иммунизациялаў полиомиелиттиң алдын алыўдың бирден-бир жолы. Иммунизациялаў – вакцина жәрдеминде адам иммунитетин қәлиплестириў ямаса организмниң инфекциялық кеселликлерди қабылламайтуғын  болыўы.

Бүгинги күнде шаншыў илажларына қарсылық ететуғын ата-аналар да жоқ емес. Бул болса, баланың полиомиелит пенен кеселлениўине, жедел түрде кеселликтиң тарқалыўына себеп болыўы мүмкин. Дүньяда биреў болса да усы инфекцияны жуқтырған бала табылса, барлық еллердеги балалар полиомиелитти жуқтырыў қәўпи астында қалады.  Усындай жағдай бурынғы Аўқам тарқап, полиомиелитке қарсы вакциналар менен тәмийинлеў үзилиске түскен ўақытта жүз берген еди. Сол жылларда Қашқадәрья, Самарқанд, Ташкент ўәлаятларында кеселликтиң параличке алып келетуғын аўыр түри тарқап кетти.

Халқымызға айтарым, перзентлериңизди инфекциялық кеселликлерге қарсы шаншылыў ҳуқықынан айырмаң. Шаншыў мәмлекетлик бюджет есабынан, халық ушын жасайтуғын жериндеги медициналық мәкемелерде бийпул әмелге асырылады.

– Инактивленген полиомиелит вакцинасын салыў басланды ма?

– Тийкарында Өзбекстанның Миллий календарына 2016-жылы инактивленген полиомиелит вакцинасы киргизилиўи режелестирилген еди. Мәмлекет бул ушын қаржы ажыратып, Франциядан вакцинаны алыўы керек еди. Бирақ усы жылы дүнья жүзи көлеминде бирден барлық мәмлекетлер ИПВ дан пайдаланыўға өткени себепли вакцина жеткерип беретуғын  өндирислик кәрханалар (Ҳиндстан, Қытай, Англия, АҚШ ҳәм басқа да мәмлекетлердеги) өнимди ислеп шығарыўға үлгере алмай қалды. Соның менен бирге, елимизде полиомиелит кеселлигиниң жоқ етилгенлигин ҳәм ОПВ вакцинасы менен шаншыў қамтып алыныўының жоқары болыўын есапқа алып, жергиликли қәнигелер тәрепинен инактивленген вакцинаны Миллий календарьға 2018-жылдың апрель айынан баслап киргизиўге келисип алынды. Ҳәзирше ИПВ  баланың 4 айлық ўақтында ОПВ менен биргеликте салынады. 2020-жылға барып ОПВ дан пайдаланыў улыўма тоқтатылады.

Емлеў профилактика мәкемелеринде шаншыў әмелиятына  полиомиелитке қарсы инактивленген полиомиелит вакцинасын енгизиўге таярлық илажларын алып барыў мақсетинде усы жылдың март айында оқыў семинарлары өткерилди.

– Сиз жоқарыда раўажланған еллерде 30 дан аслам түрдеги кеселликлерге қарсы шаншыў әмелге асырылатуғыны ҳаққында айтып өттиңиз. Бизлерде де алдын алыў керек қәўипли кеселликлер оғада көп. Әсиресе, соңғы ўақытлары республикамызда рак кеселлигиниң ҳәр қыйлы түрлери менен наўқасланыў дәрежеси жоқары. Олардың алдын алыў ушын иммунизациялаўды әмелге асырыў дурыс болар ма еди?

– Ҳақыйқатында да, республикамыздағы экологиялық жағдайларға бола, рак кеселлигиниң түрлери кескин артып кетти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң соңғы коллегия мәжилисинде де айрықша атап өтилди.

Әлбетте, булар да есапқа алынып, Өзбекстанның Миллий шаншыў календарына жаңа вакциналар киргизилмекте. Мәселен, жыл басында қабыл етилген шаншыў режесине бола, 2018-жылдың июнь айынан баслап республикамыздағы 9-12 жаслар арасындағы қыз-балаларды жатыр мойны раги кеселлигине қарсы шаншыў режелестирилген. Өзбекстан дүньяда бириншилерден болып усы вакцинацияны енгизбекте. Қыз балаларда папиллома вирусына (ВПЧ) қарсы вакцина булшық ет ишине жибериў арқалы әмелге асырылады. Мәмлекет тәрепинен усы еки прививка – АПВ (ВПЧ) ҳәм ИПВ ны Миллий шаншыў календарына киргизиў ушын 5 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратылған болып, вакцина шет еллерден май айларында республикамызға келиўи күтилмекте.

Жатыр мойны раги ҳаял-қызлар арасындағы онкологиялық кеселликлердиң тарқалыў дәрежеси бойынша сүт безлери раги кеселлигинен соң екинши орында турады.

Сөзимниң соңында айтарым, ҳүрметли ўатанласлар, ҳәммемиз перзентлеримиздиң денсаўлығы ушын жуўапкермиз. Баланың саў-саламат өсиўи ушын барлық профилактикалық шаншыўларды өз ўақтында алыўға ҳәм балаларыңызды кишкенелигинен жеке гигиена қағыйдаларына үйретиўге шақырамыз. Бул арқалы оларды көплеген жуқпалы кеселликлерден қорғаған боласыз.

 

Сәўбетлескен:

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы