Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Уллы мәртебели Президент!

Наўрыз байрамы қарсаңында Қытай ҳүкимети ҳәм халқы атынан, өзимниң атымнан Сизди ҳәм пүткил Өзбекстан халқын усы байрам менен шын жүректен қутлықлаўға руқсат еткейсиз.

Соңғы жылларда Қытай-Өзбекстан қатнасықлары жаңа стратегиялық дәрежеге көтерилди, бул еллеримиз арасындағы дәстүрий дослық байланысларына жаңа турмыслық күш бағышлады. «Бир мәкан-бир жол» қоспа жойбары шеңбериндеги еки тәреплеме бирге ислесиў избе-из раўажланбақта, халықаралық ҳәм регионаллық мәселелердеги өз-ара байланыслар беккемленип бармақта. Еки тәреплеме қатнасықлардың жедел раўажланыўы халықларымыз ушын пайдалы болмақта. Қытай – Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға айрықша итибар қарататуғынымды ҳәм Сиз бенен дослықты жоқары қәдирлейтуғынымды және бир мәртебе атап өтиўге руқсат еткейсиз

Си Цзиньпин,

Қытай Халық Республикасы Баслығы

                                                       *  *  *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент, әзиз туўысқаным!

Үлкелеримиз арасындағы әййемги дослық, туўысқанлық, аўызбиршилик ҳәм бирге ислесиўди өзинде жәмлеп, келешек әўладларға жеткерген Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаны және дос ҳәм туўысқан өзбек халқын түрк халқы ҳәм өзимниң атымнан ең жақсы тилеклерим менен қутлықлайман.

Ҳүрмет пенен,

Режеп Таййип Эрдоған,

Түркия Республикасы Президенти

                                          *  *  *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Ояныў, жасарыў ҳәм жаңаланыў мәўсими – Наўрыз әййямы мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаўларымды қабыл еткейсиз.

Еллеримиз арасындағы беккем дослық ҳәм уқсас ағартыўшылық қәдриятларға тийкарланған көп тәреплеме қатнасықлар халықларымыздың мәплери жолында буннан былай да жедел раўажланатуғынына исенимим кәмил.

Ҳүрмет пенен,

Нурсултан Назарбаев,

Қазақстан Республикасы Президенти

                                                 *  *  *

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Қырғызстан халқы ҳәм өзимниң атымнан Сизди және де сизиң тымсалыңызда пүткил Өзбекстан халқын бәҳәр әййямы – Наўрыз бенен шын жүректен қутлықлайман.

Наўрызды байрамлаў халықларымыз арасындағы көп әсирлик дәстүрий дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм туўысқанлық байланысларын беккемлеўге хызмет етеди.

Биргеликтеги ис-ҳәрекетлер менен Қырғызстан ҳәм Өзбекстан арасындағы өз-ара исеним және түсинисиў пиринциплерине тийкарланған қатнасықлар халықларымыздың мәплери жолында буннан былай да раўажланып баратуғынына исеним билдириўге руқсат еткейсиз.

Ҳүрмет пенен,

Сооранбай Жээнбеков,

Қырғызстан Республикасы Президенти

                                                     *   *  *

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди ҳәм дос Өзбекстан халқын бәҳәр ҳәм ояныў әййямы – халықаралық Наўрыз байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.

Еллеримиз арасындағы дослық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықлары буннан былай да Наўрыздың өмирге қызықтырыўшы идеяларынан илҳамланып, избе-из раўажланып барады.

Ҳүрмет пенен,

Имомали Раҳман,

 Тәжикстан Республикасы Президенти

                                                *  *  *

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Қәдирдан достым!

Халықаралық Наўрыз әййямы мүнәсибети менен Сизге ҳәм Сиз арқалы туўысқан Өзбекстан халқына шын жүректен қутлықлаўларымды билдириўге, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеўге руқсат еткейсиз.

Бир неше мың жыллық тарийхқа ийе Наўрыз байрамы миймандослық, жақсы қоңсышылық дәстүрлериниң даўамлылығын ҳәм уллы инсаныйлық принциплерин жәмлеген халықларымыздың ағартыўшылық ҳәм мәдений байлығы болып есапланады.

Терең ҳүрмет пенен,

Гурбангули Бердумуҳамедов,

Түркменстан Президенти

 

                                                  *  *  *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Өзим ҳәм Әзербайжан халқы атынан Сизди ҳәм Өзбекстан халқын миллий ҳәм мәдений-ағартыўшылық қәдриятларымызды өзинде жәмлеген Наўрыз байрамы менен шын жүректен қутлықлайман.

Халықларымыздың ерк-ықрары менен биз буннан былай да, Әзербайжан ҳәм Өзбекстан арасындағы дослық және бирге ислесиў байланысларын биргеликте беккемлеп баратуғынымызға исеним билдириўге руқсат еткейсиз.

Ҳүрмет пенен,

Илҳом Алиев,

Әзербайжан Республикасы Президенти

                                                   *  *  *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Халықаралық Наўрыз байрамының кирип келиўи мүнәсибети менен Аўғанстан халқы атынан Сиз, Уллы Мәртебели Мырза ҳәм дос Өзбекстан халқына өзимниң ең жақсы қутлықлаўларымды билдиремен.

Уқсас байрамымыз бенен және бир мәрте қутлықлаған ҳалда, еллеримиздиң арасындағы бирге ислесиў ҳәм байланыслардың кеңейетуғынына исеним билдиремен.

Муҳаммад Ашраф Ғани,

Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти

                                                    *  *  *

Сондай-ақ,  Өзбекстан Республикасы Президенти атына

Сауд Арабстаны Патшасы Салмон ибн Абдулазиз Ол Сауд

Сауд Арабстаны Патшалығының мийрасхор шахзадасы,

Бас министрдиң орынбасары,

қорғаныў министри Муҳаммед ибн Салмон Ол Сауд

Индонезия Президенти Жоко Вадодо

Палестина Президенти Маҳмуд Аббос

БАӘ Вице-президенти, Бас министри,

Дубай әмири Муҳаммад ибн Рошид Ол Мактум

Аўғанстан атқарыў ҳүкимети басшысы Абдулла Абдулла

Кавказ мусылманлары мәкемеси баслығы Оллоҳшукур Пошшозода қутлықлаў жоллады.

Өзбекстан Республикасы Президенти атына Наўрыз мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.