Пайтахтымыздағы Орайлық майданда Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлердиң 2017-жылғы шақырыўдағы 800 ге шамалас мүддетли әскерлериниң ант бериў мәресими болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң басшылары, Арқа-Батыс әскерий округиниң, Нөкис қаласы ҳакимлигиниң, әскерий бөлимлердиң басшылары, ҳуқық қорғаў уйымларының, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, әскерлердиң ата-аналары ҳәм туўған-туўысқанлары қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Әскерий-админстративлик секторының басшысы  М.Ерниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды бүгинги күнде елимиз бойлап кең түрде белгиленип атырған Наўрыз байрамы және әскерлердиң Ана-Ўатанымызды қорғаўдай оғада мақтанышлы ҳәм ийгиликли иске бел байлап, әскерий ант қабыл етиўи менен қызғын қутлықлады.

Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, бүгинги күни миллий армиямыз өзиниң материаллық-техникалық жақтан беккемлиги, әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик таярлығы, оперативлиги, ҳәзирги заман талабына жуўап беретуғынлығы менен раўажланған еллердиң заманагөй армияларына теңлесиў дәрежесинде. Армиямыздағы әскерлеримиз өзиниң ой-өриси ҳәм физикалық таярлығы, билими, заманагөй техника қуралларын пуқта өзлестириўи менен ажыралып турмақта.

Армиямыз халқымыздың тыныш-татыў турмысы ҳәм ар-намысы ушын жанын пидә етиўге таяр болған жасларымыз бенен толысып бармақта. Соңғы ўақытлары Қураллы Күшлеримизде болып атырған структуралық өзгерислер әскерий потенциалымызды арттырыў менен бирге, Армия ҳәм Халық бирлигин тәмийинлеў бағдарында жаңа дәўирди баслап бермекте.

Илажда усы жылы қабылланған жас әскерлердиң сапта жүриў таярлығы, қол урысы бойынша өзлестирген көнликпелериниң көргизбели шығыўлары тамашаланып, көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

– Ана-Ўатаны ушын хызмет етиў ҳәр бир ер жигиттиң парызы. Мен, балам Кәримов Бахрамның бүгинги күни ержетип, әскерлер қатарында сапта жүргенин көрип оғада қуўанып турыппан. Оның бүгинги күнги ант бериў мәресимин өткерип жибермеў ушын Ташкент қаласынан кеше келген едим. Баламды көрип узақ жолдан шаршағанымның барлығы шығып кетти,-дейди Ш.Зухурова.

Илаж соңында ата-аналар балалары менен көрисип, командирлери менен ушырасып, И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине ҳәм басқа да пайызлы орынларға саяхат етти.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери).