Қанлыкөл районының «QURILIS INVEST QANLIKOL» жеке кәрханасының баслығы Маҳмуд Джуманиязов жақында  Қытай мәмлекетиниң Пекин қаласында өткерилген «Construe Tech – 2018» көргизбесинде қатнасып қайтты.

Қытай мәмлекетиндеги Өзбекстан елшиханасында өткерилген ушырасыўда исбилермен Пекин қаласының 20 дан аслам исбилерменлери менен ушырасты. Онда фармацевтика тараўында хызмет көрсетип киятырған исбилерменлер менен пикир алмасып, район аймағында қоспа кәрханалар қурыў, қолайлы инфраструктураға ийе жер майданын ажыратыў, мәмлекетимизде инвесторлар ушын жаратылған қолайлықлар ҳаққында сәўбетлести.

Соның менен бирге М.Джуманиязов Қытай мәмлекетинде хызмет көрсетиўши кәрханалардан бири «SANY» қурылыс кәрханасының Пекин қаласындағы офисинде өткерилген ушырасыўда усы кәрхана тәрепинен ислеп шығарылып атырған заманагөй үскенелер, қурылыс материаллары менен танысты.

Сапар даўамында Қытайда ислеп шығарылып атырған заманагөй үскенелерди сатып алыў бойынша да бир қатар шәртнамалар дүзилди.

 

ҚХА