Усы жылдың 17-март күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында өткерилген Жаслар пресс клубының 4-сессиясында Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Ислам Матековтың «Быйылғы жылы жаслар фестивалы бола ма? Гала-концерт те болып өтиўи режелестирилген бе?» деген сораўына Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Б.Аралбаева төмендегише жуўап берди:

Быйылғы жылы жаслар фестивалы «Жаслар келешек қурыўшылары» сүрени астында барлық билимлендириў мәкемелеринде, 3 бағдарда – «Жас қосық атқарыўшылары», «Жаслар музыкалы ансамбльлери ҳәм оркестрлери» ҳәм «Студентлер театрстудиялары» бағдарлары бойынша өткериледи. Бирақ, өткен жыллардағы сыяқлы пайтахтымыздың орайлық «Туран» стадионында фестивалдың гала-концерти болмайды. Деген менен, жоқарыдағы 3 бағдар бойынша фестивал қатнасыўшылары халық алдында концерт формасында өз қәбилетлерин көрсетип бериўи керек болады, – деп айтып өтти.

Еслетип өтемиз, өткен жылдағы «Биз – уллы журт перзентлеримиз!» ураны астында өткерилген жаслар фестивалының гала-концерти 19-май сәнесинде «Туран» стадионында болып өткен еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигинин шолыўшысы.