Жиззақ қаласында спорттың жеңил атлетика түри бойынша 2005-2006-жыллары туўылған ул ҳәм қыз балалар арасында өткерилип атырған Өзбекстан чемпионатында Елликқала районының 17-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 6-класс оқыўшысы Фаррух Султанбаев 600 метрге жуўырыў бойынша биринши орынды қолға киргизди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Мағлыўматларға қарағанда, Фаррух Султанбаев 600 метр аралықты басып өтиў ушын 1 минут 35 секунд ўақыт сарплаған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги