USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

 ҮСТИРТ КЕҢИСЛИКЛЕРИ БОЙЛАП САЯХАТ (+ФОТО)

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 3-февральдағы «Өзбекстан Республикасының туризм потенциалын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша қосымша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм усы жыл 7-февральдағы «Ишки туризмди жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» ишки туризмди раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў, сондай-ақ, пуқараларды елимиздиң мәдений-тарийхый мийрасы ҳәм тәбийғый байлықлары менен таныстырыў, Наўрыз улыўмахалықлық байрам күнлеринен нәтийжели пайдаланыў мақсетинде республикамызда кең көлемли илажлар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан хабар агентлиги жәмәәти тәрепинен Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы менен биргеликте қус ушса қанаты, адам жүрсе аяғы күйген кең жазық Үстирт далалары бойлап медиатур шөлкемлестирилди. Өзбекистандағы ҳәм республикамыздағы бир қатар ғалаба хабар қуралларының ўәкиллеринен ибарат топар ағзалары «Барсакелмес» дуз кәни, әсиримиздиң ири қурылысларынан бири есапланған Үстирт газ-химия комплекси, Орайлық Азиядағы бирден-бир есапланған «Қоңырат сода заводы» унитар кәрханасында болып, бул жерде әмелге асырылып атырған қурылыс және дөретиўшилик жумыслары, хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Сапарымызды «Қоңырат сода заводы» унитар кәрханасын тийкарғы шийки зат пенен турақлы түрде тәмийинлеп турған «Барсакелмес» дуз кәнинен басладық. Тарийхый дәреклерге қарағанда, Арал теңизиниң арқа-батыс тәрепиндеги бул кән буннан 30 миллион жыл бурын қурып кеткен Тэтис көлиниң ултаны болып есапланады.  Заводтан 53 километр узақта жайласқан кән бүгинги күни улыўма 110 мың квадрат метр майданды ийелейди.

-Бул ана тәбиятымыздың бизге берген жемиси,-дейди «Қоңырат сода заводы» унитар кәрханасының смена мастери Асқар Нуржанов бизди жумыслар менен таныстырып жүрип.-Ҳәр он бес күннен вахта усылында алмасып,  бул жерде жәми 96 адам мийнет етип атыр. Заводқа айына 450 вагон дуз жүклеп жиберип турмыз. Бул жумысларды атқарыўда 12 дана «MAN» автомашинасы, 5 дана эксковатор хызмет көрсетпекте. Завод басшылығы тәрепинен жумысшыларға зәрүр шараятлар жаратылып берилген. Олар жатақ жай, ыссы аўқат, ўақтында мийнет ҳақылары менен тәмийинленип тур.

Үстирт кеңислигиниң тәбияты өзгеше. Әсиресе,  бәҳәр айларында оғада сулыў көриниске енеди. Тап қолдан жасап қойғандай, бул әтираптағы каньонлар инсанның итибарын ериксиз өзине тартады. Жолбаслаўшымыз Асқар Нуржановның айтыўынша, ҳәттеки шөплериниң өзине тән қәсийети бар. Қой-қозылар Үстирт даласындағы лалагүлди жесе, ҳеш қандай кеселлик пенен, таў басында ушырасатуғын шегирткени жесе баўырқурт кеселлиги менен аўырмайды екен.  Бул кеңисликтиң бизге нәмәлим мыңнан бир сыры. Соның менен бирге, бул жерлерди саяхат еткен инсаннан айрықша қырағылықты да талап етеди. Себеби, бул әтирапта қарсақ, қасқыр сыяқлы жабайы ҳайўанларды, қуслардан баўыўлы, үки, ҳәттеки, бүркитти де ушыратыў мүмкин. Саяхатымыз даўамында биз қуслардың уяларын, өлген ҳайўанларды көрип, өзимиз де гүўасы болдық. Каньонлар бойлап жүрип, ўақыттың қалай өткенин сезбей қаласаң. Бул мәўритлерден естелик сыпатында олардың фонында сүўретке түсип, теле ҳәм радиожурналистлер қатнасыўшылардың алған тәсирлери менен ортақласып, интервьюлер шөлкемлестирди.

Жылдың қайсы мәўсими болыўына қарамастан усындай шараятта пидәкерлик пенен мийнет етип атырған жумысшылар менен хошласып, сапарымызды даўам еттирдик.

Ғәрезсизлик шарапаты менен Сүргил кәни негизинде қурылған Үстирт газ-химия комплекси Өзбекстан ҳәм Қубла Корея шериклигиниң жарқын үлгиси болып, жойбардың улыўма нырқы 3,9 миллиард АҚШ долларын қурайды. Жылына 4,5 миллиард куб метр тәбийғый газди қайта ислеўдиң есабынан 3,7 миллиард куб метр газ, 387 мың тонна полиэтилен, 83 мың тонна полипропилен, 102 мың тонна пиролиз бензини ҳәм басқа да қымбат баҳалы өнимлер ислеп шығарыў имканиятына ийе кәрхананың әтирапында бүгинги күни заманагөй қалаша пайда болды. Бул жерде жасаўшылар ушын барлық шараятлар жаратылып берилген.

-Күни кеше аймағымыздың көп миллетли турғынлары үлкен аўызбиршилик пенен улыўмахалықлық Наўрыз байрамын өткердик,-дейди бизди қарсы алған «Қырққыз» посёлкалық пуқаралар жыйынының баслығы Фархад Қулбаев.-Жәми 750 хожалықта 4300 адам жасап мийнет етип атырған посёлкамызда жумысшылар ушын үлги жойбар тийкарында 140, ведомстволық 140, сондай-ақ, 30 квартиралы үш, 50 квартиралы үш турақ жай пайдаланыўға тапсырылды. Өткен жылы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жаңа имараты, мийманхана, саўда ҳәм аўқатланыў орынлары, спорт ҳәм балалардың ойын майданшалары пайдаланыўға тапсырылған болса, июнь айында балалар бақшасының, ғәрезсизлик байрамы қарсаңында поликлиника имаратларын пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.

Буннан саррас он  еки жыл бурын кеңисликте қурылып пайдаланыўға тапсырылған «Үстирт сода заводы» унитар кәрханасы елимизде химия санаатын раўажландырыўдағы дәслепки қәдемлердиң бири болды. Себеби, бул жерде ислеп шығырылатуғын өнимлерге болған талап тек республикамызда ғана емес,  ал, көплеген раўажланған еллерде артып бармақта. Сонлықтан да, кәрхананың өндирислик қуўатлылығы жылдан-жылға артып, өнимлердиң сапасына да айрықша итибар қаратылмақта.

 Ҳақыйқатында да, елимизде химия санаатына болған жоқары итибар ҳәм ғамқорлықтың нәтийжесинде өткен дәўир ишинде кәрхана заманагөй техника ҳәм технологиялық үскенелер менен тәмийинленди. Бул жерде ислеп шығарылып атырған өнимлердиң шет елли қарыйдарлар тәрепинен жоқары баҳаланыўы жәмәәтти жаңадан-жаңа табысларға руўхландырады.  

Бүгинги күнге келип, жылына 200 мың тонна өним ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе кәрханада 28 цех  болып, оларда 1800 ден аслам  жумысшы, инженер-техник хызметкер мийнет етпекте. Ислеп шығарылып атырған өнимлер бүгинги күни Иран, Аўғанстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан еллерине экспорт  етилмекте. Буннан тысқары, завод жанында жылына 10 мың тонна йодланған ас дузын ислеп шығаратуғын ҳәм тигиў цехлары ислеп тур.

-Бундай саяхатлар дөретиўши инсанлар, соның ишинде, журналистлер ушын оғада әҳмийетли,-дейди Өзбекстан миллий ахборот агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша хабаршысы Анвар Насырлаев. – Дана халқымыздың, «Мың мәрте еситкеннен бир мәрте көрген абзал», дегениндей, кең жазық Үстирт далаларында әмелге асырылып атырған үлкен қурылыс және дөретиўшилик жумыслары, оның гөззал тәбияты, өсимлик ҳәм ҳайўанатлар дүньясы менен танысып шығарма жазыў, өз алдына илҳәм-йош бағышлайды. Сонлықтан да шөлкемлестириўшилерге шексиз миннетдаршылық билдиремен.

Солай етип, гезектеги медиатур жуўмақланды. Оннан алған тәсирлер ҳәр бир қатнасыўшының қәлбинде узақ ўақыт сақланып қалары сөзсиз.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.