Өзбекистан Республикасы Автомобиль жоллары мәмлекетлик комитети қурамында жаңа Тақыятас жол қурылыс-оңлаў кәрханасы өз жумысын баслады.

-Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-февральдағы «Өзбекистан Республикасы Автомобиль жоллары мәмлекетлик комитети  ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Республикалық жол қоры жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында шөлкемлестирилген жәмәәтимиздиң атқаратуғын тийкарғы ўазыйпасы, Нөкис қаласында ҳәм Тақыятас районы аймақларындағы автомобиль жолларында қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыўдан ибарат,-дейди кәрхана директоры Аллаяр Джаматов.-Жәми 60 тан аслам адам мийнет ететуғын кәрханамыз 23 түрли маркадағы техника менен тәмийинленген. Быйылғы жылы пайтахтымыздағы И.Кәримов, Ерланов, Қ.Айымбетов көшелеринде капитал оңлаў,  Нөкис қаласы менен Тақыятас районының ишки жолларында оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.