Қарақалпақстан телевидениесиндеги балаларға арналған «Ертеклер елине саяхат», «Түлкишек» көрсетиўлери арқалы кишкене балалардың сүйикли инсанына айланып үлгерген Мурат Бегимовты халқымыз жақсы таныйды.

Ол өзиниң 40 жылдан аслам өмирин көркем өнер тараўына бағышлады.

Биз 27-март «Халықаралық театрлар күни» байрамы алдынан устаз актёр ҳәм режиссёр менен ушырасып, театр ҳаққындағы пикирлери менен ортақластық.

-Театрды мен айнаға мегзетемен. Айна арқалы адам тек жақсылықты, ана-Ўатанға, ата-анаға муҳаббатты, дурыс жолды көрсе болады. 40 жылдан асламырақ ўақыт даўамында 3 театрда ислеп, ол жердиң нанын жеп, дузын татқанман. Әсиресе, қуўыршақ пенен ислесиў күтә қурамалы. Биринши өзиң ойнайсаң, кейин қуўыршақты да ойнатасаң. Балалар драматургиясында олардың характерин түсиниў керек. Олардың көзи, тили менен жазыў керек. Олар монологты онша унатпайды, ҳәрекетти жақсы көреди. Спектакльди абайлы болып жазыў керек, себеби, олардың кеўлине тийетуғын сөзлерди пайдаланбаў зәрүр. Әсиресе, майыплығы болған балаларды есапқа аласаң. Ишинде келтирилген ҳәр бир кемситилиў олар ушын масқаралаў болыўы мүмкин, – дейди Мурат Бегимов.

Мурат Бегимов 30 жылға шамалас ўақыт даўамында Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер татрында жемисли мийнет етип келмекте.

Мине, усы ўақыт аралығында ол 30дан аслам спектакльдиң авторы болған болса,  70тен аслам спектакльлерди сахналастырды. Атап айтқанда, «Сум ешек», «Садық дослар», «Атамнан қалған мийрас», «Алтын бийдай», «Шопан бала», «Бөдене ҳәм түлки» ҳ.т. басқалар.

Бүгинги күнде Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында оның «Қорқа-қорқа батыр боларсаң», «Дослық қәдири», «Түлки, тасбақа ҳәм таскене» спектакльлери сахналастырылған болса, оның авторлығындағы «Шапан әпсанасы» спектаклин сахналастырыў жумысларына таярлық көрилмекте.

27-март «Халақаралық театрлар күни» мүнәсибети менен Шымбай районлық халық театрында М.Бегимовтың «Ырғалысқан адам» спектакли қойылыўы режелестирилмекте.

-Устазларым Қуўатбай Әбдиреймов, Рейимбай Төрениязов, Нәжиматдин Аңсатбаевлардан көп нәрселерди үйрендим. Бүгинги күнде өзим де устаз дәрежесине жетип қалыппан.  Қоблан Қәлиллаев, Парахат Кулимов, Шыңғыс Алламбергенов  сыяқлы жас талантлылар жетилисип шықпақта.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы