Арамызда сондай талантлы, көпшиликке белгили, мийнеткеш инсанлар жүдә көп. Олардың талантын, халыққа ислеген мийнетин көрип, көзиң қуўанып, ҳәўесиң келеди.

Ҳәр жылы республикамызда 27-март «Халықаралық театрлар күни» үлкен көтериңкилик жағдайында өткериледи. Усы байрам мүнәсибети менен Кегейли районлық Мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайы актрисасы, өзиниң 40 жыллық өмирин көркем өнерге, сахнаға бағышлаған пидайы инсан Алима Сапарованы байрам менен қутлықладық.

А.Сапарова 1958-жылы Кегейли районында жумысшылар  шаңарағында дүньяға келген. Ата-бабасы көркем өнерге жаны кумар адамлар болып, атасы Сапар косық айтып, халықтың шын ықласына бөленген инсанлар болған.

– Мектепте оқып жүрген ўақытларымда көркем өнерге болған қызығыўшылығым жоқары болып, байрам кешелеринде аяқ ойынларым  ҳəм сахналық көринислери менен турақлы қатнасып турғанман. Соның нәтийжесин кәсибим арқалы халыққа танылыўға ҳәрекет етпектемен.

1977-жылы мектепти питкергеннен кейин районлық мәденият үйине ойыншы болып  жумысқа кирдим, сахнада спектакль, драма, интермедияларда роль атқарған актёр, актирисаларға еликлеп, олар ойнаған роллерди қайталап, ядлап жүрген күнлерим де болған. Ең дәслепки атқарған ролим қазақ жазыўшысының «Кимге тартқан» спектаклиндеги Ханипа апа роли болды. Усы атқарған ролим ушын ең жоқары балды алып, жақсы нəтийже көрсеттим. Усы арқалы «Ең жақсы ҳаял образы» номинациясы жеңимпазы болдым.

Турмысқа шығып, шаңарақ ғалма-ғалы менен шаршап, гейде «усы кəсипти қойсамба екен» деген күнлерим де болған. Сондай қыйын күнлерде өмирлик жолдасым сүйениш болып,  «жумысыңды таслама, сен халыққа керексең » деп маған жигер бағышлап турды.

Алима Сапарова ҳəмме ўақыт изленисте, дөретиўшиликте болып ўақтын босқа жибермеди.  1978-жылы «Ананың кеўли балада, баланың кеўли далада», 2006-жылы П.Айтмуратовтың «Ойнақлаған от басар», 2007-жылы П.Айтмуратовтың «Туўған жер қәдири», 2008-2012-жыллары Б.Пирдановтың «Терлетпе», «Сырлы сүўретлер», Ж.Сержановтың «Мәсидеги муҳаббат» драмасы, 2013-жылы Е.Айтмуратовтың  «Муқаддес ҳаял» спектакль, 2014-жылы Ж.Жақсылықовтың «Ақыбет» драмасында ана рөлин атқарып Халық театры ҳәм драма жәмәәтлериниң Республикалық таңлаўларында «Ең жақсы режиссура» номинациясы жеңимпаз болыўға өз үлесин қосты. Ж.Сержановтың «Адасыў», С.Жумағуловтың «Жеңгем айтып  еди», М.Нызановтың «Жығылсаң жер көтереди» спектакльлеринде, С.Маткаримовтың «Өмир соқпақлары» телекөрсетиўлеринде ана ролин шеберлик пенен атқарып келмекте.

Алима апаны халқымыз «Қаракалпақфильм» киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған «Қоңсылар» кинофильминдеги бас қахарман-Кансулыў, «Қайсар» фильминдеги шопан ғаррының  кемпири роли, «Қаракалпақфильм» киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған «Өмирдиң үш паслы» қысқа метражлы кинофильминде шеберлик пенен атқарып шыққан роллери арқалы жақсы таныйды.

Алима апа сахна роллеринен басқа жәмийетлик жумысларға да белсене қатнасып, район көлеминде елимиздиң Ғәрезсизлик, Наўрыз улыўмахалықлық байрамы сыяқлы  белгили сәнелерге бағышланып өткерилетуғин байрам кешелерине қатнасып келмекте.

2013-жылдан баслап ол драма дөгерегин басқарып, өз талантын  және де жетилистирип, өз шәкиртлерине сахна сырларын үйретип келмекте. Оның мийнетлери есапқа алынып 2011-жылы Өзбекистан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 10 жыллығы ҳәм 2011-жылы  20 жыллығы мүнәсибетине көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Ҳəзирги күнде Алима апа өмирлик жолдасы менен биргеликте бир ул, еки қызды тәрбияламақта.

Алима апа-өмирде инсан еки нәрсе таңлаўда алжаспаўы керек бири-өмирлик жолдас болса, екиншиси-кәсип, мен өмирдеги ең бахытлы инсанман деп айтсам алжаспаған боламан, себеби өмирлик жолдасым қандай қыйыншылық болса да  бәрҳама мени қоллап маған сүйеў болған. Перзентлерим де мениң жолымды тутып,  үлкен улым Азамат ҳəм қызым Лəззет Кегейли районлық Мəденият ҳəм спорт ислери бөлиминиң мəденият ҳəм дем алыў бөлиминде, ал кишкене қызым Рахатай «Айқулаш жулдызлары» Қарақалпақ мəмлекетлик миллий фольклор ансамблинде ойыншы болып ислеп атыр.

Гаўҳар БЕГЖАНОВА,

ҚМУ журналистика қәнигелиги 2-басқыш студенти