23-24-25-март күнлери аралығында пайтахтымыздағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебинде, республикамыздағы улыўма билим бериў мектеплериниң 9-10-класс оқыўшылары арасында улыўма билим бериў пәнлери бойынша олимпиаданың Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилмекте.

Пән олимпиадасында 9-класс оқыўшылары 21 пән бағдары бойынша, ал 10-класс оқыўшылары болса, 19 пән бағдары бойынша улыўма 927 оқыўшы қатнаспақта.

– Оқыўшым Табассум Турсынбаева француз-тили пәни бойынша олимпиадаға қатнасып атыр. Қатнасыўшыларға әўмет тилеймен. Олимпиада әдалатлы түрде өтеди, деген үмиттемен,- дейди Хожели районындағы 24-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқытыўшысы Ниязжан Әбдиқадирова.

Пән олимпиадасы жазба, тест ҳәм әмелий түрлерде өткериледи. Төрешилер тәжирийбели қәнигелерден, илимпаз ҳәм методистлерден қуралған. Алыс районлардан келген оқыўшылар жатақхана ҳәм ыссы аўқат пенен тәмийинленеди.

Жуўмақлаўшы басқыштың нәтийжелери туўралы мағлыўмат берип барамыз.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы