Бурын хабар етилгениндей, усы жылдың 30-июнь күни Ташкент қаласындағы Симпозиумлар сарайында болып өткен Өзбекистан «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң IV қуралтайында Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен билдирилген Өзбекистан жаслар аўқамын шөлкемлестириў бойынша усыныс делегатлар тәрепинен мақулланды.

Мине, усы тийкарда 11-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекистан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң шөлкемлестириў мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов шығып сөйлеп, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жасларымызға қаратылып атырған жоқары итибарға, олар ушын жаратылып атырған имканиятларға кең түрде тоқтап өтти.

Ҳақыйқатында да, елимизде жаслар мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша ҳеш бир мәмлекетте ушыраспайтуғын ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Сөзимиздиң мысалы сыпатында «Жасларға тийисли мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы нызамның, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар қарар ҳәм бағдарламалардың қабыл етилгени, жаслар менен ислесиў бойынша жаңа лаўазымлардың енгизилгени, келешек ийелери ушын Жаслар орайының, турақ-жайлардың, спорт объектлериниң, мәлимлеме-ресурс орайлары менен дем алыў бағларының пайдаланыўға берилгени сыяқлы бир қатар мысалларды атап көрсетиў мүмкин.

Буннан соң Өзбекистан Жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси баслығының орынбасары Камолиддин Бекназаров сөзге шығып, усы жылдың 30-июнь сәнеси жасларымыз ушын жаңа дәўирди баслап берген күн сыпатында кеўиллерден терең орын ийелейтуғынын атап өтти ҳәм Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаў бойынша алда турған жумысларға айрықша итибар қаратты.

Мәжилисте шөлкемлестириў мәселеси қаралып, Өзбекистан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы лаўазымына Абатбай Сапарбаевич Данияров сайланды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша бир қатар жаслар шығып сөйледи ҳәм Президентимиздиң жасларға қаратып атырған жоқары итибары ушын миннетдаршылық билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги