Үлкемизге бәҳәр мәўсиминиң кирип келиўи менен мартапрельде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў айлығы өткерилип келинбекте. Усы мүнәсибет пенен 18-19 март күнлери болып өткен улыўмахалықлық қайырқомлық шембиликке республикамыз халқы белсендилик пенен қатнасты.

Жасарыў ҳәм жаңаланыў әййямы болған улыўмахалықлық Наўрыз байрамын мүнәсип күтип алыў халқымыздың әзелден киятырған жақсы үрп-әдетлеринен бири есапланады. Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 23-февраль күнги «2018-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарын орынлаў мақсетинде барлық қала ҳәм районларда, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында, мийнет жәмәәтлери менен оқыў орынларында қайырқомлық шембилиги шөлкемлескенлик жағдайында өткерилди.

«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлиминен алынған мағлыўмат бойынша шембиликке жәми 1 миллион 400 мыңнан зыят адам белсендилик пенен қатнасты. Еки күн даўамында  2876 гектар майдан тазаланып, 3952 тонна қурылыс және турмыс шығындыcы алып тасланды. 1573 километр аралықтағы жап-салма тазаланды.   Республикамыз бойынша 281 қойымшылық пенен 42 зыярат етиў орнында абаданластырыў жумыслары алып барылды.  Қатнасыўшылар тәрепинен 515980  саяманлы, 345000 мийўели терек отырғызылды. Бул жумысларға 980 дана техника қатнастырылды.

Шембилик даўамында бир қатар қайырқомлық илажлары да әмелге асырылды. Атап айтқанда,  1560 жәрдемге мүтәж шаңарақтың,  соның ишинде 850 майып және кекселердиң ҳал-жағдайынан хабар алынып, қайырқомлық жәрдеми көрсетилди. Сондай-ақ, илаж шеңберинде 1510 кем тәмийинленген шаңарақтың турақ жайы менен үй әтирапы тәртипке келтирилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршыcы.