Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде депутатлар жәмийетлик турмыстың түрли тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды тереңлестириўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.

Атап айтқанда, Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты арттырыў миллий бағдарламасының жаңа редакциядағы жойбары кең түрде додаланды.

Мәжилисте атап өтилгениндей, Миллий бағдарламаның мақсети нызам үстинлигин, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, шахста ҳадаллық, жуўапкершилик, шөлкемлескенлик, талапшаңлық, нызамға бойсыныўға тийкарланған социаллық-ҳуқықый  қәдириятлар системасын қәлиплестириў, нызам үстинлигин, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери исенимли қорғалыўын тәмийинлеў, миннетлемелердиң мәмлекетлик уйымлар, мәмлекетлик емес коммерциялық емес  шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары, ҳәмелдар шахслар ҳәм пуқаралар тәрепинен ҳүжданлы орынланыўын ҳәм ҳуқықый нормаларға бойсыныўын хошаметлеў арқалы жәмийетте ҳуқықый мәдениятты арттырўыдан ибарат.

Сондай-ақ, жоқары ҳуқықый мәденият-демократиялық жәмийеттиң тийкары  және жәмийет ҳәм мәмлекет арасындағы ҳуқықый қатнасықлар жетиклигиниң көрсеткиши және жәмийетлик қатнасықларды ҳәм процесслерди тәртипке салыўға белсене тәсир ететуғын фактор екенлиги атап өтилди.

Жәмийетте ҳуқықый мәдениятты арттырыў миллий бағдарламасының жаңа редакцияда қабыл етилиўи жәмийетлик-сиясий турмыстың ҳуқықый тийкарларын беккемлеў, ҳуқықый мәмлекет қурыўдағы системалылықтың белгиси болып есапланады. Усы тийкарда бағдарламаның әмелге енгизилиўи халықтың ҳуқықый мәдениятын ҳәм ҳуқықый санасын арттырыўға, елимиздиң пуқараларында Конституция менен кепилленген ҳуқықларға және еркинликлерге қатаң исенимди  қәлиплестириўге алып келеди.

Соның менен бир қатарда атап өтилгениндей, бул бағдарламаның қабыл етилиўи күнделикли турмыста нызам нормаларын дурыс енгизиўге, ҳуқықый ҳүжжетлерди қәтесиз рәсмийлестириўге, мәмлекетлик хызметкерлерде ҳуқықый мәдениятты ҳәм ҳуқықый сананы жаңа басқышқа көтериўге және де оларда нызамларға ҳүрмет руўхын қәлиплестириўге  алып келеди.

Мәжилис даўамында парламенттиң Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер додаланды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Мәлимлеме хызмети