2018-жыл 15-март күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте депутатлар сиясий партиялардың 2017-жылдағы жумысын қаржыландырыў дереклери ҳаққындағы есаапларын тыңлады.

Атап өтилгениндей, елимиз Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл  12-июльде Олий Мажлистиң палаталары, сиясий партиялар ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекетиниң ўәкиллери менен болып өткен ушырасыўында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар тийкарында барлық сиясий партиялар өз жумысын түп-тийкарынан көрип шықты ҳәм бул жумысты жаңаша әмелге асырмақта. Себеби, ең әҳмийетли мәмлекетлик мәселелерди шешиўде сиясий партиялардың роли сезилерли дәрежеде күшейтилди, орынларда машқалаларды үйрениў бағдарындағы жумыслар жеделлестирилди, партияның электоратын тәшўишлендирип атырған әҳмийетли машқалаларды әмелий щещиў жолларын излеўге тийисли жумыслар түп-тийкарынан қайта көрип шығылды, орынланып атырған жумыслар сын көзқарастан талқыланды ҳәм елимизди жәмийетлик-сиясий  ҳәм социаллық-экономикалық  раўажландырыўдың турмыслық әҳмийетли мәселелерин  белгилеп беретуғын алтерьнатив нызам жойбарларын сиясий партиялар фракцияларының ағзалары тәрепинен киргизиўдиң процессуаллық механизмлерин  буннан былай да жетилистириў илажларын әмелге асырыў бағдарындағы жумыс күшейтилди. Улыўма қабыл етилген демократиялық стандартлар менен халықаралық нормаларға сәйкес болған исенимли ҳуқықый база қайта көрип шығылып ҳәм толықтырылды, қадағаланатуғын министрликлер ҳәм ведомстволар анық белгиленди, енди сиясий партиялар тийисли  министрликлер ҳәм ведомстволардың жумысы үстинен нәтийжели парламентлик және  депутатлық қадағалаўды өзиниң фракциялары ҳәм ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларындағы өз топарлары арқалы әмелге асырады.

«Сиясий партияларды қаржыландырыў ҳаққында»ғы Нызамға тийкарланып сиясий партия Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасындағы депутатлық орынларының санына қарай өз устав жумысын қаржыландырыў ушын мәмлекет тәрепинен қаржыландырыў қаржыларын алыў ҳуқықына ийе.

Мәжилисте атап өтилгениндей, елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында сиясий партиялардың роли күшейтилиўи мүнәсибети менен олардың жумысында қаржылық тәртиби әҳмийетли болып есапланады. Ҳәзирги шараятта сиясий партиялардың қарамағына Мәмлекетлик бюджеттен келип түсетуғын қаржыларды нәтийжели режелестириў ҳәм жумсаў оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Сиясий партиялардың шөлкемлестириўшилик-кадрларға байланыслы, материаллық-қаржы ҳәм басқа да ресурслары олардың бағдарламалық мақсетлери менен ўазыйпаларын әмелде жүзеге щығарыўда үлкен әҳмийетке ийе, ол ушын усы қаржыларды жумсаў ҳәм оларға тийисли есаплар анық және ашық-айдын болыўы тийис екенлиги атап өтилди.

Фракциялардың ағзалары атап  өткениндей, бүгинги күнде Өзбекстанның барлық сиясий партияларында қадағалаў-тексериў комиссиялары ислеп тур, олардың жумысының шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый шараятлары, атап айтқанда, олардың функциялары, ўазыйпалары және  ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери анық белгиленген.

Депутатлар тыңлаў даўамында билдирилген пикирлерди инабатқа алған ҳалда сиясий партиялардың 2017-жылдағы жумысын қаржыландырыў дереклери ҳаққындағы есапларын мағлыўмат ушын қабыллады.

Соң депутатлар «Тасыўшының пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў ҳаққында»ғы  Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыў шеңберинде додалаўға киристи. Нызам жойбарының мақсети тасыўшының пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў механизмин жетилистириў, барлық жолаўшылардың мәплерин қорғаў, мәмлекетлик уйымлар тәрепинен усы нызам орынланыўы үстинен қадағалаўды жетилистириў, сондай-ақ, усы тараўдағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўдан ибарат.

Өткерилген қадағалаў-талқылаў бағдарындағы үйрениўлердиң жуўмағына бола, 2018-жылдың 1-январь ҳалатына республика бойынша жолаўшыларды тасыўшы лицензияланған автотранспорт қураллары  74025ти қурайды. Лицензияланған автотранспорт қуралларының улыўма санынан тек ғана  22010 ы, яғный 30 проценти қамсызландырылған. Бул көрсеткиш Нызам талапларының толық орынланбай атырғанын көрсетпекте ҳәм көтерилип атырған машқаланың әҳмийетлилигин және бир мәрте тастыйықламақта.

Көрип шығылып атырған нызам жойбарында жумысы лицензияланыўы тийис болған, жолаўшыларды ҳәм олардың мүлкин тасыў бойынша бизнеске тийисли транспорт хызметлерин көрсететуғын юридикалық  шахсларға тасыўшының пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў ҳаққындағы шәртнамаларды үш айдан бир жылға шекемги мүддетке дүзиў ҳуқықы берилип атырғанлығы, сондай-ақ, жолаўшыларды тасыў ўақтында транспорт қуралын басқарып атырған ҳәр бир айдаўшының жанында тийисли транспорт қуралы ушын рәсмийлестирилген қамсызландырыў полисиниң бар болыўы тәмийинленип атырғанлығы нәзерде тутылмақта.

Депутаталар гезектеги ҳүжжет –«Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң  Экстремизмге қарсы гүресиў Конвенциясын ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыў шеңберинде көрип шықты.

Бул халықаралық-ҳуқықый ҳүжжетти қабыллаў зәрүрлиги ШБЩға ағза мәмлекетлер ушын қәўип туўдырып атырған дүньядағы экстремистлик көринистеги ҳәдийселер көлеминиң ҳәм өзгешелигиниң күшейип барыўы, экстремизм идеологиясы, әсиресе, терроршылықтың тарқалыўы ушын да қолайлы орталық болған диний экстремизм идеологиясы тәсириниң артып барыўы менен байланыслы екенлиги мәжилис даўамында атап өтилди.

Конвенцияға суверенитетти қорғаў ҳаққындағы нормалар киргизилген, онда эксиремизмге қарсы гүресиўге байланыслы мәмлекеттиң ишки илажларының шамалық дизими келтирилген, оны қолланыў тараўы беккемленген, юрисдикция шегаралары белгиленген, қандай қылмыслар жынаят деп аталыў кереклиги анықланған, ҳуқықый жәрдем көрсетиў тийкарлары ҳәм тәртиби сәўлеленген. Конвенцияда, сондай-ақ, ШБШға ағза мәмлекетлерден бириниң ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң Шөлкемге ағза басқа мәмлекет аймағында өткерилетуғын оператив-излеў илажлары ҳәм тергеў ҳәрекетлеринде қатнасыўға тийисли мәселелер де өз көринисин тапқан. Экстремизм түсиниги бузғыншы ҳәдийсе сыпатында биринши мәрте халықаралық дәрежеде беккемлеп қойылды, оның мазмуны ҳәм экстремистлик ҳәрекеттиң криминалластырылыўы зәрүр болған тийкарғы тийкарлары белгиленди.

Конвенция ШБШға ағза мәмлекетлердиң сергекликке шақырыўшы профилактика жумысын, экстремизмге қарсы биргеликте гүресиўди, ҳуқықый жәрдем  көрсетиў тараўындағы бирге ислесиў механизмлерин қәлиплестиреди ҳәм Тәреплердиң нызамшылығын бир түрге енгизиўге имканият береди.

Мәжилисте парламенттиң Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер  додаланды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Мәлимлеме хызмети