Пайтахтымыз Нөкис қаласында болып өткен байрам тамашаларынан репортаж

«Әзиз Ўатанласлар, ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» деген идеяны өзинде жәмлеген «Наўрыз»  улыўмахалықлық байрамы пайтахтымызда үш орында  – «Жаслар орайы», И.В.Савицкий атындағы Мәмлекетлик көркем-өнер музейи алдында ҳәм «Истиқлол» балалар дем алыў орайында болып өтти. Байрам илажлары  өткерилетуғын орынларда барлық шараятлар жаратылған.

 

 

«Жаслар орайы» алдындағы майданда Жас тамашагөй театры жәмәәтиниң, 22-санлы Балалар көркем өнер музыка мектебиниң, Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң оқытыўшы ҳәм оқыўшыларының атқарыўындағы концертлик бағдарламалары жыйналғанлар нәзерине усынылды. Сондай-ақ, бул жерде Миллий мәдений орайлардың, «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемесиниң эстрада қосықшылары, Шоманай, Қоңырат, Кегейли, Беруний, Тақыятас районларының көркем өнер жәмәәтлери халық хызметинде болды.

Бир топар зыялылар менен елимиздиң көрнекли инсанларынан дүзилген үгит-нәсият топары да өткерилген мәдений илажларда қатнасты.

Байрам сейиллеринде халқымызға инам етилген концерт бағдарламалары ҳәм сахналастырылған байрам тамашалары жыйналғанларға үлкен заўық бағышлады.

Елимиз бойлап байрам тамашалары даўам етпекте.

 

*     *     *

«Әзиз ўатанласлар, ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» сүрени астында И.В. Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем-өнер музейи алдындағы майданда байрамға бағышланған улыўмахалықлық сейил болып өтти.

Майданның бир тәрепинде Қарақалпақстан Республикасы Билимлендириў министрлиги ҳәм республикамыздағы миллий мәдений орайлар тәрепинен  республикамызда жасап атырған басқа миллетлердиң және миллий кийимлеримиздиң, кестешилик үлгилери, үй-руўзыгершилик буйымлары, миллий тағамларының көргизбеси шөлкемлестирилген болса, және бир тәрепте  елимизге белгили уста художниклер жас қәлемкешлерге мастер-класс өткерди. Сол жерде ҳәўескер художниклердиң дөретпелери көргизбеге қойылып, олар көркем-өнер ықласбентлеринде үлкен қызығыўшылық оятты. Майдан ортасындағы фонтан әтирапына қара үйлер, ыспалар жайластырылып, халықтың дем алыўы ушын шараятлар жаратылды.

Музей алдында саат 10:30 да театрластырылған концерт-бағдарламасы басланды. Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының, 12-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң, «Әмиў толқыны», «Ҳүрлиман», «Айқулаш жулдызлары» ансамбллериниң, миллий эстрада қосықшыларының шығыўлары сейилге және де жоқары кейпият бағышлады. Быйыл да Наўрыз байрамы жаңа көринисте, өзгеше кейпиятта өткерилди.

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен байрамлар халық сейили түринде өткериле баслағаннан берли  жылдан-жылға миллий байрамларымыздың абыройы артып, халқымыздың да руўхый дем алыўға, көркем-өнерге деген ықласы арта түсти. Соның менен бирге халқымыздың ески, тарийхый үрп-әдет, дәстүрлерин тиклеўге ҳәм оларды жас әўладқа жеткериў арқалы өмирин узайтыўға ерисилмекте. Республикамыздағы басқа миллет ўәкиллериниң турмысына, үрп-әдетлериниң өзгешелигине ҳүрмет ҳәм итибар артты.

 

*    *    *

 

Халық сейили тәризиндеги «Наўрыз» байрамы тамашалары «Истиқлол» балалар дем алыў орайында да болып өтти.

Байрам тамашасы бағдарламасынан «Қыз-жигитлер сейили», «Наўрыз сейили», «Наўрыз тойын тойлайық» сыяқлы композициялар, сондай-ақ, қарақалпақ халық косықлары менен бирге, қазақ, орыс, корейс, түркмен халықларының йошлы аяқ ойын ҳәм қосықлары, және де «Бәҳәр», «Сәлем Наўрыз», «Қайнар сүмелек», «Бәҳәрим келди», «Бәҳәр, бәҳәр» қосықлары орын алған.

Орайға кириўден-ақ,  қарақалпақ миллий кийиминдеги қыз-жигитлери саз-сәўбет пенен күтип алады. Олар тәрепинен таярланған миллий тағамларға толы дәстурхан, әсбап-үскенелер, қол өнери үлгилери көрген көзди қуўандырады.

Республикамыздағы 4  академиялық лицей ҳәм 21 кәсип өнер колледжлери, районлардағы өнерментлер байрамның көтериңки руўхта өтиўине белсене қатнаспақта.

Бүгинги илажға 74 миллий буйымлар, 45 түрли миллий тағам, 20 дана қол өнери үлгилери менен қатнасып атырмыз, – дейди Нөкис санаат ҳәм хызмет көрсетиў кәсип-өнер колледжи  оқытыўшысы Б.Ибрайимова. Сондай-ақ, қарақалпақ халқының миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сәўлелендириўши көринислер «Қыз-жигитлер айтысы», халық қосықлары  атқарылмақта.  

Усы жердиң өзинде Қарақалпақстан Республикасы дене тәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен  спорттың кураш, белбеўли гүрес, арқан тартыс, тас көтериў түрлери бойынша жарыслар өткерилди.

Арқан тартысы бойынша жәми 8 команда қатнасты. Ең әҳмийетлиси онда кураш ҳәм белбеўли гүрес бойынша палўан қызларымыз да белсендилик көрсетип, гилемге түспекте.

Пайтахтымызда байрам тамашалары еле даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

М.Пирназарова,

Т.Сейтназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршылары.