Усы жыл 17-март күни пайтахтымыздағы Жаслар орайында «Жаслар келешек дөретиўшилери!» сүрени астында өткерилетуғын «Жаслар фестивалы»н шөлкемлестириў ҳәм «Мард уғлон» сыйлығы мәселелерине бағышланған «Жаслар Пресс клубы»ның журналистлер қатнасыўындағы             4-сессиясы болып өтти.

Сессияда Өзбекстан Жаслар аўқамы Миллий Кеңесиниң Мәмлекетлик сыйлықларға талабанлар менен ислесиў бөлиминиң баслығы Б.Мамадалиев, Өзбекстан Республикасы Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы А.Дәнияров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Жаслар мәселелери бойынша республикалық мәкемелераралық Кеңеси мәжилисиниң 2018-жыл 9-февральдағы баянламасында ҳәм оған тийкарланып шығарылған ҳүжжетлерде белгиленген жумысларға кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-ноябрьдеги «Мард уғлон» Мәмлекетлик сыйлығын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары шығып, оның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бир қатар илажлар өткерилген.

Фестивальдың шөлкемлестириў комитети ҳәм фестивалларды шөлкемлестириў бойынша жол картасы тастыйықланды.

Белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде фестиваль шеңберинде өткерилетуғын «Жас қосық атқарыўшылары», «Жаслар сазлы ансамбльлери ҳәм оркестрлери» ҳәм «Студентлер театры» студиялары атамасындағы илажлардың биринши басқышы усы жылдың 1-20-март күнлери өткерилиўи белгиленген болып, бүгинги күнге шекем 5800 жастың усы илажларға қатнасыўы билдирилген мүрәжатлары қабыл етилген. Сондай-ақ, 350 ден аслам билимлендириў мәкемелеринде фестивальдың биринши басқышлары жуўмақланған.

Пресс-клубта қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.