«Әзиз Ўатанласлар, ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» деген идеяны өзинде жәмлеген «Наўрыз»  улыўмахалықлық байрамы пайтахтымыздағы Жаслар орайында да болып өтти.

Бул жерде халықтың кеўилли дем алыўы ушын барлық қолайлықлар жаратылған.

Орай алдындағы майданда Жас тамашагөй театры жәмәәтиниң, 22-санлы Балалар көркем өнер музыка мектебиниң, Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң оқытыўшы ҳәм оқыўшыларының атқарыўындағы концертлик бағдарламалары жыйналғанлар нәзерине усынылды. Сондай-ақ, бул жерде Миллий мәдений орайлардың, «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемесиниң эстрада қосықшылары, Шоманай, Қоңырат, Кегейли, Беруний, Тақыятас районларының көркем өнер жәмәәтлери халық хызметинде болды.

Бир топар зыялылар менен елимиздиң көрнекли инсанларынан дүзилген үгит-нәсият топары да өткерилген мәдений илажларда қатнасты.

Байрам сейиллеринде халқымызға инам етилген концерт бағдарламалары ҳәм сахналастырылған байрам тамашалары жыйналғанларға үлкен заўық бағышлады.

Елимиз бойлап байрам тамашалары даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.