Шегара әскерлериниң Нөкис қаласындағы әскерий бөлиминде            2018-жылға шақырылған мүддетли әскерий хызметкерлердиң әскерий антын қабыллаўға бағышланған илаж болып өтти.

Оған Арқа-Батыс әскерий округиниң, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң, әскерий бөлимлердиң басшылары, ҳуқық қорғаў уйымларының ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, ата-аналар қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Әлеўов, 9115-санлы әскерий бөлим командири полковник З.Азизов, Миллий сүўретшилик ҳәм дизайн институтының проректоры, профессор Д.Раҳматуллаева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады.

Соң әскерий ант қабыл етиў мәресими өткерилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери Бас Сәркардасы- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 4-апрельдеги 2867-санлы қарарына муўапық, 2017-жылғы шақырыўдағы мүддетли әскерий хызметкерлер арасынан өзлериниң үлгили хызметлери менен көзге түскен 7 әскерге ата-аналарының қатнасында жоқары оқыў орынларына кириў ушын жеңиллик беретуғын усыныслар және «Чегара қўшинлари аълочиси» көкирек белгилери салтанатлы жағдайда тапсырылды.

– Мен балам Шариқулов Қәдирбекти көриў ушын Бухара ўәлаяты Қаракөл районынан келдим. Ол өткен жылы әскерликке шақырылған еди. Мине, енди ол үйге ақ жүзли, абырой менен қайтыў алдында турыпты. Оның шын кеўилден еткен хызметлери есапқа алынып, оған жоқары оқыў орынларына кириў ушын жеңиллик беретуғын усыныс ҳәм «Чегара қушинлари аълочиси» көкирек белгисиниң берилиўи барлық шаңарақ ағзаларымызды үлкен қуўанышқа бөлемекте,-дейди әкеси Ш.Ғафуров.

Илажда усы жылы қабылланған жас әскерлердиң сапта жүриў таярлығы, қол урысы бойынша өзлестирген көнликпелериниң көргизбели шығыўлары тамашаланды. Соң әскерий бөлимниң қурал-жарақлары және тәмийнаты үлгилериниң көргизбеси өткерилди.

Ата-аналар балалары менен көрисип, командирлери менен ушырасып әскерий бөлимдеги шараятлар менен танысты.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери).