Бүгин, яғный 21-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласында “Өзэкспоорай”да шөлкемлестирилген байрам сейилине қатнасты ҳәм халқымызды Наўрыз улыўма халықлық байрамы менен қутлықлады, деп хабар бермекте Kun.uz басылымы.

“Атызларымызда, алыс-алыс аўылларымызда халқымыз Наўрызды, ояныў, жасарыў байрамын үлкен салтанат пенен күтип алмақта. Әлбетте, жаннан әзиз ўатанымызда жүз берип атырған өзгерислер, қабыл еткен стратегиямыздың ең үлкен мазмуны да халқымызды разы етиўден ибарат.

Бүгин әлбетте байрамды үлкен сейил етип өткергенимиз бийкарға емес. Қыстан шыққан халқымыз бәҳәрги байрамды жоқары кейпият, шүкиршилик пенен күтип алмақта.

Ўәлаятларымызды айланып шыққанымызда ақсақалларымыз, ҳүрметли аналарымыз, қарындасларымыз, перзентлеримиздиң кейпиятлары ҳәммемизге күш бағышлады.

Дийқанларымыз, шигит егип атырған фермерлеримиз, атызларда жумыс ислеп атырған мийнеткешлеримизге қут-берекет тилеймиз. Олардың билдирген тилеклери елимизге молшылық алып келсин.

Жанажан ўатанымызда көп миллетли халқымыз миллети, тили, динине қарамастан бир шаңарақ ағзалары болып жасамақта. Иләйым көз тиймесин, иләйым халқымыздың барлық нийетлери әмелге ассын, халқымыздың ең үлкен мақсети – елимизде тынышлық болсын, елимизге көз тиймесин. Және бир мәрте сизлерди Наўрыз байрамы менен қутлықлайман. Саў-саламат болың!”, – деп айтып өткен президент.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги