Усы жылдың 20-март күнинен баслап Ташкент-Үргениш ҳәм Ташкент-Нөкис-Қоңырат жөнелисиндеги жолаўшы поездлер жаңадан қурылған Бухара-Мискин темир жол линиясы арқалы ҳәрекетлениўди баслады.

Ҳәзирги күнге шекем Ташкент-Үргениш поезди 1027 км, Ташкент-Нөкис-Қоңырат поезди 1327 километрлик жолды басып өтип, «Наўайы-Үшқудық-Мискин» магистралы арқалы ҳәрекетленген болса, усы жойбардың қурып питкерилиўи менен поездлердиң қатнаўы дерлик 100 километрге қысқарды. Бул болса жолға кететуғын ўақытты, жанар майды ҳәм басқа қәрежетлерди тежеўге тийкар жаратады.

Ең баслысы, Ташкент қаласынан Үргениш, Хийўа, Нөкис қалаларына баратуғын ҳәм усы жөнелислерден Ташкент қаласына баратуғын жолаўшы поездларының ҳәрекетлениў ўақты дерлик 2 саатқа қысқарады.

Ташкент-Саратов, Ташкент-Волгоград, Алматы-Нөкис, Әндижан-Үргениш, Нөкис-Үргениш-Термиз поездларының да усы жаңа линия арқалы қатнаўы жолға қойылады. Бул болса елимизде туризмди раўажландырыў, туристлер ағымының еле де артыўына тийкар болады.

Бул темир жолдың екинши басқышында электрлестириў жумыслары әмелге асырылып, усы жөнелис арқалы электропоездлар ҳәм жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын «Афросиёб» заманагөй поездлар қатнаўы да әмелге асырылыўы көзде тутылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги