Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында 20 дан аслам миллет ўәкиллери аўызбиршиликте, тыныш-татыў жасап келмекте.

Наўрыз – халықлар дослығы байрамы. Елимиздеги өткерилип атырған Наўрыз сейиллеринде ҳәр бир миллет ўәкиллери өзлериниң миллий үрп-әдетлери, дәстүрлери, миллий кийим ҳәм тағамлары менен байрам сейиллериниң көтериңки руўхта өтиўине үлес қоспақта.

Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында 5 миллий мәдений орай – қазақ, түркмен, рус ҳәм украин миллий мәдений орайлары ҳәм кореецлер ассоциациясы өз жумысын алып бармақта. Олар өзлериниң миллий-мәдений естеликлери, байрамлары, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин белгилеўи ушын ҳеш қандай шеклеўлер жоқ.

Елимизде түрли миллет ўәкиллериниң усындай аўызбиршиликте, абадан турмыста жасап атырғаны мәмлекетимизде демократиялық принциплердиң қаншелли дурыс жолға қойылғанлығынан ҳәм халқымыздың бәрқулла дослық мүнәсибетлерди қоллап-қуўатлайтуғынлығынан дәрек береди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.