Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты, сондай-ақ  усы институттың Нөкис, Ферғана аймақлық филиаллары Арал регионын терекликке айландырыў жойбары үстинде жумыс алып бармақта. Жақында усы мақсетте Қоқан қаласынан мийўели терек нәллери ҳәм нәлшелери Мойнаққа алып келинди. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

Мойнақ районы ҳәкими Сайлаўбай Данияров усынысы менен терек нәллери ҳәм терек нәлшелери Мойнақ районына арнаўлы аймаққа егилетуғын болды. Район ҳәкими ҳәм институт ўәкиллери бул бағдың биринши нәллерин биргеликте отырғызды. Тәреплердиңразылығы ҳәмде Мойнақ районы ҳәкими қарары менен бул бағ «Қоқан бағы» деп аталмақта. Ҳәзирги күнде бағқа мыңлап нәллерди егиўге таярлық көрилмекте.

 

ҚХА