Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жылғы 14-марттағы Бийлигине муўапық «Умид ниҳоллари-2018» спорт жарысларының финаллық басқышлары 2018-жыл март айының ақырғы он күнлигинде өткериледи. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң ҳуқықый мәлимлеме телеграм каналы хабар етеди.

“Умид ниҳоллари-2018” жаслар арасында саламат турмыс тәризин ҳәр тәреплеме үгит-нәсиятлаў, орынларда қурылған заманагөй спорт комплекслеринен нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар орайлары ҳәм Ташкент қаласында өткериледи.

Өткерилген спорт жарысларда жеңимпаз ҳәм сыйлықлы орын ийелеген оқыўшыларды сыйлықлаў илажлары 14-19 май күнлери “Жаслық ҳәм спорт” байрамы сыпатында шөлкемлестириледи.

“Умид ниҳоллари-2018” спорт жарысларының финаллық басқышларында сыйлықлы орынларды қолға киргизген команда ҳәм оқыўшылар естелик саўғалары менен, улыўма командалық есапта 1-орынды ийелеген район (қала) командалары Президент саўғасы –  “Damas” маркалы автомобиль менен сыйлықланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги