Бүгинги күни республикамызда 2018-2019-жылларда былғары аяқ кийими өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелестирилген заманагөй жаңа кәрханаларды шөлкемлестириў, ислеп турғанларының қуўатлылығын арттырыў, модернизациялаў бойынша жаңа жойбарлардың әмелге асырылыўы режеге муўапық нәтийжели даўам етпекте.

– Атап айтқанда, «Orient Texnology» кәрханасының басламасы менен қуўатлылығы 15 миллион квадрат дм.лик, баҳасы 5 миллион 250 мың АҚШ доллары муғдарындағы таяр тери ислеп шығарыўшы «Orient Tovro» кәрханасын иске түсириў режелестирилмекте. Нәтийжеде 50 жаңа жумыс орны жаратылады. Бул жойбар усы жылдың төртинши шерегинде иске түсирилиўи күтилмекте,-дейди Қарақалпақстан Республикасы «Нукусчармпойабзал» ЖШЖ бас директоры С.Бабатаев.

– Бүгинги күнде усы кәрхананың әсбап-үскенелер орнатылатуғын майданларында қурылыс жумыслары алып барылмақта. Әсбап-үскенелердиң биринши партиясы Италия мәмлекетинен алып келинбекте.

Жаңадан шөлкемлестирилип атырған«Orient Tovro» кәрханасында және жылына 300 мың жуп аяқ кийим ислеп шығарыўға мөлшерленген, баҳасы 3 миллион АҚШ доллары муғдарындағы жойбар да иске түсиў алдында. Жойбар иске түссе 120 жаңа жумыс орынлары пайда болады. Жойбар ендиги жылы иске түсириледи.

Бүгинги күнде усы заманагөй кәрхананың қала қурылысы ҳәм архитектуралық талаплар тийкарында жайласыўы бойынша жумыслар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, Италия технологиясы тийкарында әсбап-үскенелер алып келип орнатыў бойынша шет елли шериклер менен шәртнамаларға қол қойысыў бағдарындағы сөйлесиўлер алып барылмақта.

Сондай-ақ, бүгинги күнде ислеп турған Елликқала районындағы «Бостан тери аяқ кийими» ЖШЖ ин усы жылдың 3-шерегине шекем кеңейтиўди нәзерде тутатуғын жойбар бойынша да жумыслар баслап жиберилди. Бул жойбарға жәми 50 мың АҚШ доллары муғдарындағы қаржы жумсалатуғын болса, соннан кәрхананың өз есабынан 12 мың доллар жумсалыўы күтилмекте. Жойбар иске түссе район турғынлары ушын тағы 20 жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Усы бағдардағы илажлардың республикамыздың басқа да орынларында басланыўы күтилмекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.