Бүгинги күни елимиз басшылары тәрепинен республикамыздың социал-экономикалық раўажланыўына айрықша итибар қаратылмақта. Буның дәлийли сыпатында Президентимиз тәрепинен қабыл етилген  «Қарақалпақстан Республикасында киши санаат зоналарын шөлкемлестириӯ илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3588-санлы қарарын атап өтсек болады.

Буннан басқа, 2018-жылдың – «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» деп жәрияланыўы  Қарақалпақстан Республикасында исбилерменликти раўажландырыў, инновациялық идеяларды енгизиў ҳәм жаңа технологиялар тийкарында жаңадан инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда орны айрықша болмақта.

– Усы қарар бойынша аймағымыздағы 6 районда, яғный, Әмиӯдәрья, Беруний, Қоңырат, Тақыятас, Хожели ҳәм Шымбай районларында киши санаат зоналарын шөлкемлестириӯ белгиленген,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар бойынша комитетиниң баслығы К.Садыков.

Онда киши санаат зоналары аймағындағы көшпес мәмлекетлик мүлкин ижара дәўиринде пайдаланыў ушын ижара төлеминиң «ноль» ставкасы белгиленген.

Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў фондына киши санаат зоналарында әмелге асырылатуғын инвестиция жойбарларына қаржыландырыў ушын 75 миллион АҚШ доллары муғдарында кредит линияларын коммерциялық банклер арқалы белгиленген тәртипте ашыў тапсырылған.

Санаат тараўында жаңа шөлкемлестирилетуғын микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар, соның ишинде Мойнақ, Шоманай, Қанлыкөл, Тахтакөпир, Шымбай районларында шөлкемлестирилгенлери 2027-жылдың 1-январына шекем, ал басқа районларда – 2022-жылдың 1-январына шекем бирден-бир салық төлемин төлеўден азат етиледи.

Сондай-ақ, киши санаат зоналарында инженер-коммуникация ҳәмде ислеп шығарыў инфраструктурасын қайта тиклеў жумысларын орынлаў ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаржы ажыратыў белгиленген.

Бул жаңадан шөлкемлистирилип атырған киши санаат зоналары, әлбетте, жақын арада социал-экономикалық раўажланыўымызға өзиниң үлкен унамлы тәсирин көрсетеди. Атап айтқанда, санаат өнимлерин ислеп шығарыўды арттырыў, экспортқа мөлшерленген ҳәм импорт орнын басатуғын өнимлерди ислеп шығарыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ушын үлкен имканиятлар ашылмақта.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.