USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 28 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ  СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

Усы жыл 16-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирмаланшы сессиясы болып өтти.

Сессияның жумысына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының, Қарақалпақстан Республикасы Ҳүкиметиниң ағзалары, тийисли кәрхана, мәкеме, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басқарып барды.

Ең дәслеп, депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимиз экономикасының барлық тараўларында үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Әсиресе, Президентимиздиң өткен жылы 15-16-декабрь күнлери республикамызға сапары даўамында белгилеп берилген ўазыйпалар кең көлемли дөретиўшилик жумысларға беккем тийкар салмақта.

Атап өтетуғын болсақ, быйылғы жылдың өзинде 4 ярым триллион сумға шамалас қаржы есабынан 313 ири жойбарды әмелге асырыў жумыслары баслап жиберилди. Соның ишинде, Нөкис қаласында кир жуўыў машиналарын ислеп шығаратуғын баҳасы 8,3 миллиард сумлық, Тақыятас районында «Наўайы кән-металлургия комбинаты» тәрепинен жойбар баҳасы 1 миллион АҚШ долларлық металл-конструкциялар ҳәм үскенелер ислеп шығарыў заводын қурыў бойынша жойбарларды иске түсириў, сондай-ақ, «Алмалық кән-металлургия комбинаты» тәрепинен баҳасы 44,5 миллиард сумлық темир-бетон және инерт материалларын ислеп шығаратуғын, Шымбай районында баҳасы 10 миллион АҚШ доллары муғдарындағы тоқымашылық кәрханасын, Қараөзек районында баҳасы 17 миллиард сумлық шарўашылық комплексин, Тахтакөпир районында 12 миллиард сумға шамалас гөш өнимлерин қайта ислеў жойбарын иске түсириў, Төрткүл районында 2,6 миллиард куб сыйымлылықтағы баҳасы 1 триллион 677 миллиард сумлық  суў сақлағышын қурыў жойбарының есап-санағы ислеп шығылып, экспертизадан өткериў жумыслары алып барылмақта. Ең баслысы, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў, экономикамызды буннан былай да беккемлеўге байланыслы бундай ийгиликли ислерди барлық қала ҳәм районларымыздың мысалынан көриўимизге болады.

Бизге белгили болғанындай, мектепке шекемги билимлендириў тараўын раўажландырыў, мәмлекетлик емес балалар бақшалары тармағын кеңейтиў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен бири есапланады. Усы мәселе бойынша Президентимиздиң Пәрманы ҳәм 4 қарары қабыл етилди.

Журтбасшымыз республикамызға сапары ўақтында Шымбай районындағы 8-санлы балалар бақшасында болып, тараў жумысларын жақсылаў бойынша ўазыйпалар белгилеп берди. Сондай-ақ, усы жыл 14-февраль күнги мектепке шекемги билимлендириў системасын реформалаў ҳәм раўажландырыў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилигин талқылаўға бағышланған видеоселектор мәжилисинде балалар бақшаларының қурылыс-оңлаў жумысларының сапасын жақсылаў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, керекли азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, тәлим-тәрбия жумысларын жақсылаў бойынша тәжирийбели педагог ҳәм арнаўлы қәнигелер менен тәмийинлеў мәселесине айрықша тоқтап өтти.

Бүгинги күни 3 жастан 7 жасқа шекемги балалардың 34,8 проценти ғана бақшаларға қамтып алынған. Бул көрсеткишти арттырыў мақсетинде быйылғы жылдың өзинде мәмлекетлик раўажландырыў Бағдарламасы тийкарында 6 бақшада жаңа қурылыс, 27  бақшаны реконструкциялаў, 18 бақшада ири оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилген. Сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 179  балалар бақшасын жаңадан шөлкемлестириў белгиленген.  Бул бақшаларды иске түсириў арқалы қосымша 14 мыңнан аслам баланы қамтып алыў имканияты жаратылып, бақшаларға тартылған балалардың саны 34,8 проценттен 47,2 процентке жетеди. Ал, 2021-жылға барып балаларды қамтып алыў көрсеткишин 95-100 процентке жеткериў нәзерде тутылмақта.

Мектепке шекемги билимлендириў системасын реформалаў ҳәм раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов баянат жасады.

Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Уснатдинова, Қарақалпақстан Республикасы Архитехтура ҳәм қурылыс комитетиниң баслығы Ж.Ембергеновлар шығып сөйледи.

Депутатлар мектепке шекемги билимлендириў тараўын раўажландырыў бағдарында ислеп шығылған «Жол картасы» бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Буннан соң Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен пуқаралардың мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳаққындағы мәлимлемеси туўралы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри У.Сабуров баянат жасады.

Сессияда республикамызды 2017-жылда социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўдың жуўмақлары ҳәм быйылғы жылға белгилеп берилген ең әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққындағы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары А.Тажетдинов баянат жасады. Депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибинде, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы тәрепинен 2017-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасының баслығы Б.Алланиязов баянат жасады ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда депутатлар Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен өткен жылы исленген жумыслар ҳаққындағы мәселени көрип шықты. Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы Т.Хожаназаров баянат жасады. Бул бойынша қарар қабыл етилди.

Депутатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының сессиялар аралығында қабыл еткен қарарларын тастыйықлады.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирмаланшы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.