Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық ҳәм Нөкис қалалық Кеңеслери тәрепинен улыўмахалықлық Наўрыз байрамы мүнәсибети менен «Бәрҳәма итибарымыздасыз!» акциясы өткерилмекте.

Атап өтилгениндей, халқымыздың ески ҳәм әййемги қәдириятларын, оның уллы арзыў-умтылысларын өзинде жәмлеген, ата-бабамыздан бизге бийбаҳа мийрас болып киятырған Наўрыз ғәрезсизлик жылларында жаңаша мазмун менен байыды. Нәтийжеде улыстың уллы күни елимизде жасап ҳәм мийнет етип атырған миллети, тили, динге исенимине қарамастан, барлық Ўатанласларымыз ушын арзыў-үмит пенен күтетуғын, шын мәнисиндеги улыўмахалықлық байрамға айланды, десек асыра айтқан болмаймыз.

Шығыс жаңа жылының басланыўы, тәбияттың ояныўының символы, түп-тийкарында миллий, ең ардақлы байрам есапланған Наўрыздың журтымызда мийрим-шәпәәт, жәмлескенлик, инсаныйлық, кеңпейиллик ҳәм дөретиўшилик, қайыр-сақаўат орталығын буннан былай да беккемлеў, жас әўладты миллий дәстүрлеримизге садықлық, улыўмаинсаный қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдағы орны және тәсириниң барған сайын артып баратырғанын есапқа алған ҳалда ҳәм бул әййямды көтериңкилик руўхында белгилеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 28-февральда «2018-жылдың улыўмахалықлық Наўрыз байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарарға муўапық быйылғы жылғы байрам «Әзийз Ўатанласлар, ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» сүрени астында өтпекте.

-Байрам мүнәсибети менен Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Атқарыў комитетиниң қарары тийкарында қабыл етилген илажлар бағдарламасындағы «Бәрҳәма итибарымыздасыз!» акциясы  шеңберинде пайтахтымыздағы 2-санлы «Ҳаўа жолы», 41-санлы «Ақ жағыс» мәкан пуқаралар жыйыны аймақларындағы 10 социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақтан, майыплығы болған шахслардың ҳал-жағдайынан хабар алынды,- дейди Өзбекстан ХДП Нөкис қалалық Кеңесиниң баслығы Нурлан Кышанов.-Оларды байрам менен қутлықлап, саўғалар тапсырылды.

Буннан тысқары, байрам күнлеринде Өзбекстан ХДП қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен «Ҳәр бир инсан ушын мүнәсип байрам» акциясы шеңберинде халық сейиллери, «Наўрыз-жаңаланыў ҳәм жақсылық тымсалы» сүрени астында жаслар арасында спорт жарыслары өткерилмекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.