Бүгин пайтахтымызда Наўрыз улыўмахалықлық байрамына арналған марафон болып өтти. Онда республикамыздың барлық қалалары менен районларынан келген 3 мыңға шамалас жәмлеспеген жаслар, ҳәўескер спортшылар 2018 метр, 3 ҳәм 21 километр аралықларға жуўырыў бойынша беллести.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы 3-санлы академиялық лицейден, «Ҳәсиретли ана» естелигинен, «Таслақ» елатында жайласқан киши айланбадан  старт берилген марафонның тийкарғы шөлкемлестириўшиси Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси болып, илажға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият ҳәм Ишки Ислер министрликлери, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси сыяқлы бир қатар шөлкемлер қәўендерлик етти.

2018 метр аралықта ер балалар арасында биринши орынға Шахзод Азадов, екинши орынға Шахрух Алламбергенов, үшинши орынға Улуғбек Камалов ылайық көрилди. Қыз балалар арасында биринши орынды Мария Энзакова, екинши орынды Ахмедия Ережепбаева, үшинши орынды Улзада Нагимова жеңип алды.

3 километр аралықта ер балалар арасында биринши орын Қуўатжан Әбдимуратовқа, екинши орын Наўрыз Кеңесовқа, үшинши орын Азим Матековқа несип еткен болса, қыз балалар арасында Бийбимәрьям Жолдасбаева үшинши орынға, Наталья Назарова екинши орынға ҳәм Зухра Садирова биринши орынға ылайық деп табылды.

21 километр аралықта ер балалар арасында Жамшид Эгамбердиев биринши орынды, Шоназар Латипбаев екинши орынды, Ықлас Пиримбетов үшинши орынды жеңип алды. Ал, қыз балалар арасында усы аралықта биринши орын Асал Жумабаеваға, екинши орын Дилноза Қурбанбаеваға, үшинши орын Уғылай Ильясоваға несип етти.

Буннан тысқары марафонда белсене қатнасқан оннан аслам жасларға Ҳүрмет жарлығы тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги