Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 23-февральдағы «2018-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, бул байрам республикамыздың барлық қала ҳәм районларында көтериңки руўхта даўам етпекте.

Усы қарар тийкарында, бир топар зыялылар менен елимиздиң көрнекли инсанларынан дүзилген үгит-нәсият топары бир неше күннен берли республикамызда болып, орынларда өткерилип атырған мәдений илажларда қатнаспақта.

Олар усы жыл 14-март күнинен берли үш топарға бөлинип Шоманай, Кегейли, Әмиўдәрья, Мойнақ, Қараөзек, Қоңырат,  Беруний районларында болып, сол жерлерде өткерилген байрам илажларына қатнасты.

16-март күни олар Шымбай,  Төрткүл, Елликқала районларына барды.

Шынында да, ана тәбиятты сүйиў, ардақлаў, өмир гүлтажы болған инсанды қәдирлеў, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сыяқлы идеяларды өзинде жәмлеген «Наўрыз» – халқымыздың ең әййемги байрамларының бири болып есапланады.

Байрам сейиллеринде халқымызға инам етилген фольклорлық ансамбльлердиң, көркем ҳәўескерлик жәмәәтлериниң, дәрўазлардың, цирк артистлериниң, шаңарақлық ансамбльлердиң, бақсылар менен жыраўлардың, көркем өнер шеберлери және эстрада қосықшыларының, сондай-ақ, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң атқарыўындағы концерт бағдарламалары ҳәм сахналастырылған байрам тамашалары жыйналғанларға үлкен заўық бағышлады.

«Әзиз Ўатанласлар, ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» деген идеяны өзинде жәмлеген бул байрам илажларында инсанның тәбият перзенти екенлиги, оның ажыралмас бир бөлеги деп сезиниўди, қоршаған орталықты, туўған жерди қәстерлеп-сақлаўды, бүгинги тыныш, еркин ҳәм абадан турмысты қәдирлеўди, оны қорғап жасаўды үгит-нәсиятлаўшы бир қатар руўхый-ағартыўшылық илажлар әмелге асырылды. «Наўрыз»дың тарийхы, мазмуны ҳәм философиясы, усы байрамды өткериўге байланыслы үрп-әдетлер, қәдриятлар ҳәм дәстүрлердиң әҳмийети және бир мәрте кеңнен түсиндирилди. Ғалаба сейиллер шөлкемлестирилип, қошқар дүгистириў, қораз урыстырыў, палўанлар гүреси, арқан тартысыў сыяқлы миллий жарыслар өткерилип, қазанларда палаў, жүўери гүртик, гөже сыяқлы миллий тағамлар таярланды.

Топар ағзалары – Мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелери менен ислесиў бөлиминиң баслығы Ражаб Ражапов, Миллий сүўретшилик ҳәм дизайн институтының проректоры, профессор Дилфуза Раҳматуллаева, Өзбекстан Миллий университетиниң доценти Тўлқин Эшбеков, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр Чоршам Рўзиев, Өзбек Миллий академиялық драма театрының актёры Хамид Тошпўлатовлар жергиликли ҳәкимият ўәкиллери менен бирликте жәрдемге мүтәж инсанлардан, кекселерден, кем тәмийинленген шаңарақлардан да хабар алып, оларға бийғәрез жәрдем көрсетиў сыяқлы саўаплы, қайырқомлық илажларда қатнасты.

Үлкемиз бойлап байрам тамашалары даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы